Отыз еки жыллық машқала унамлы шешилди

Президентимиздиң 2024-жыл 24-майдағы «Ҳәкимшилик реформалар шеңберинде әдиллик уйымлары ҳәм мәкемелериниң жуўапкершилигин және де арттырыў ҳәм ықшам басқарыў системасын қәлиплестириў ҳаққында»ғы пәрманының талапларынан келип шығып, әдиллик бөлимлери тәрепинен мәҳәллелерде үйме-үй жүриў арқалы халықтың арасында ҳуқықый машқаланы анықлаў, таллаў ҳәм оларды сапластырыў менен байланыслы жумыслар нәтийжели шөлкемлестирилмекте.
– Атап айтқанда, «Аспантай» аўыл пуқаралар жыйынында өткерилген хатлаў нәтийжесинде усы аймақта жасап киятырған Мадешова Тазегул Жахиевнаның 1993-жылдан берли Өзбекстан Республикасы пуқаралығын тастыйықлаўшы ҳүжжети жоқ екенлиги менен байланыслы ҳуқықый машқаласы тийисли тәртипте дизимге алынып, үйрениў жумыслары алып барылды,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Бозатаў районы әдиллик бөлиминиң баслығы Казбек Палўаниязов. – Ҳуқықый машқаланы үйрениў даўамында пуқара Т.Мадешова 1969-жыл 27-август күни Түркменстан Республикасы Ташаўыз ўәлаяты Гөне Үргенш районында туўылғанлығы, шаңарақ қурғанлығы себепли 1993-жылдан берли «Аспантай» аўыл пуқаралар жыйынында жасап киятырғаны, 1997-жылы усы мәҳәлледе жасаўшы пуқара Кошекеев Шапбай Жумабаевич пенен нызамлы некеден өткенлиги, 2 перзентиниң бар екенлиги анықланды.
Районның әдиллик бөлими тәрепинен пуқара Т.Мадешованың Өзбекстан Республикасында жасағаны фактин тастыйықлаў бойынша судқа арза киргизип, арза суд тәрепинен қанаатландырылды. Нәтийжеде, пуқара Т.Мадешоваға Өзбекстан Республикасы пуқарасының ID-картасы берилип, ҳуқықый машқала унамлы шешилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги