Жасырын экономиканың алдын алыў бағдарында үгит-нәсиятлаў илажлары шөлкемлестирилмекте

Алкоголь ҳәм темеки базарын тәртипке салыў инспекциясы тәрепинен исбилерменлерге ҳуқықый ҳәм әмелий жәрдем көрсетиў, тараўда жасырын экономиканың алдын алыў бағдарында үгит-нәсиятлаў илажлар ҳәм көшпели ушырасыўлар шөлкемлестирилмекте.
Қарақалпақстан Республикасы, Үргенш ҳәм Ташкент қалаларында жайласқан алкоголь өнимлерин ислеп шығарыўшы кәрханаларда өткерилген ушырасыўларда да тийкарғы итибар лицензия талаплары менен шәртлерине бола, өндирис қуўатлықларының орынланыўы, тараўда заманагөй технологиялардан өнимли пайдаланыўдың нәтийжелилигине қаратылды.
Соның ишинде, 2025-жыл 20-февральдағы «Акоголь ҳәм темеки базарын тәртипке салыў системасының жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам туўралы толық түсиниклер берилди.
Инспекция мәлимлеме хызметиниң мағлыўматларына бола, тараўда нәтийжели қадағалаў сисьемасын енгизиў бағдарында 3 темеки, 6 спирт, 37 алкоголь ислеп шығарыўшы, 41 импортёр, 207 көтере саўда ҳәм 6457 усақлап сатыў саўдасы субъекти хатлаўдан өткерилип, олардың электрон реестри қәлиплестрилди. Алкоголь ислеп шығарыўшы 55 кәрханада лицензияға ийе болып, 31и арақ ҳәм ликёр-арақ, 8 и вино ҳәм коньяк, 16 сы виноматериал ҳәм коньяк дистиллиятын ислеп шығарады. 139 алкоголь өнимлериниң көтере саўдасы ҳәм 4365 усақлап сатыў саўдасы менен шуғылланыўшы кәрхана бар.

Инспекция хыхметкерлери тәрепинен кәрханаларда өткерилип атырған үйрениўлер процесинде ислеп шығарыў жумысы, техникалық ҳәм технологиялық талаплардың орынланыўы, санитария-гигиена қағыйдаларына әмел етилиў жағдайлары ҳәм жумысшы-хызметкерлерге жаратылған шараятлар көзден өткерилди. Ислеп шығарылған өнимлердиң көлеми ҳаққында мәлимлеме беретуғын электрон есаплағышлар белгиленген тәртипте мөрленбекте.
Бул болса, исбилерменлерге ҳуқықый жәрдем көрсетиў менен бирге, жасырын экономикалық жумыстың алдын алыў, бизнесте дәраматлардың өсиўи, процесслерди оптималластырыў ҳәм қәрежетлерди азайтыў, тәмийнат шынжыры бойлап өнимлердиң ҳәрекетлениўи ҳаққындағы өнимлерге кириўге имканият жаратады.
Инспекция тәрепинен бул бағдардағы үгит-нәсият илажлары даўам еттирилмекте.
Моҳигул Қосимова, ӨзА