Исбилерменлерге кең имканиятлар жаратылмақта

Шымбай район ҳәкимлигиниң мәжилислер залында Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 27-январь күнги «Қарақалпақстан Республикасында исбилерменликти және де қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың абаданлығын тәмийинлеў ушын жаңа имканиятлар жаратыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында» ғы пәрманының әҳмийетин кеңнен түсиндириў мақсетинде, семинар шөлкемлестирилди.
Семинарға райондағы жеке исбилерменлер, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Аппараты инвестициялар, киши бизнес ҳәм исбилерменликти қоллап-қуўатлаў секторы баслығы А. Шамуртатов ҳәм Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы К. Артыковлар қатнасты.
Илажды район ҳәкими А. Тажетдинов басқарып барды.
Семинарда шығып сөйлеўшилер тәрепинен мәмлекетлик бағдарлама шеңберинде исбилерменликти буннан былай да қоллап-қуўатлаў ҳәм инвесторлар ушын қолайлы имканиятлар жаратыў, санаат тармақлары, аўыл хожалығы, туризм тараўларының потенциалынан нәтийжели пайдаланыў, социаллық ҳәм өндирислик инфраструктураны раўажландырыў, сол тийкарда халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша түсиниклер берилди.

Өткерилген илаж даўамында қатнасыўшылар тәрепинен қәнигелерге сораўлар берилип, оларға жуўаплар алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги