Мақсет – қəбилетли ҳəм мүнəсип талабанларды таңлап алыў

Хабарыңыз бар, Бажыхана комитетиниң баслығы бир ўақыттың өзинде Өзбекстан Республикасы Жеңил атлетика Федерациясының баслығы лаўазымына да тайынланған. Аймақлық бажыхана басқармаларының басшылары да Федерацияның аймақлық бөлимлери баслықлары сыпатында тараў жумысларын муўапықластырып барады ҳәм әмелий жәрдем көрсетип турады.
Нөкис қаласында жеңил атлетика спорт түрлери бойынша “Үмит нəлшелери” спорт жарысларының республика басқышы болып өтип, онда Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасының жуўапкер ўәкиллери қатнасып, район ҳəм қала басқышларында жеңимпазлықты қолға киргизген мектеп оқыўшыларын үшинши Қарақалпақстан Республикасы басқышында сынақтан өткерди.

Жеңил атлетика спорт түрлеринен түрли аралықларға жуўырыў, эстафета, узынлыққа секириў ҳəм ядро ылақтырыў бойынша өз-ара беллескен жаслар ишинен республика жеңимпазлары анықланып, Өзбекстан Республикасы көлеминдеги спорт жарысларына жолламаны қолға киргизди.
Ҳəр үш жылда бир мəрте өткерилетуғын усы спорт жарыслары жаслар арасында саламат турмыс тəризин үгит нәсиятлаў, олардың ғалабалық спорт түрлерине қызығыўшылығын арттырыў менен бир қатарда, мектеп оқыўшылары арасынан сайланды команда қурамына қəбилетли ҳəм мүнəсип талабанларды сайлап алыў имканиятын да береди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги