Исбилерменлик жумысындағы ҳуқықый кепилликлер түсиндирилди

Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасы тәрепинен Бизнес омбудсман аппаратының жуўапкер ўәкилиниң қатнасыўында аймақларда жумыс алып барып атырған исбилерменлик субъектлери ҳәм арнаўлы экономикалық зона қатнасыўшылары ушын семинар-тренинг шөлкемлестирилди.
Онда бажыхана тараўында сыртқы экономикалық жумыс бағдарында жаратылып атырған шараятлар менен бир қатарда, енди, бажыхана уйымы тәрепинен исбилерменлик субъектлериниң жумысында өткерилетуғын “Камерал” ҳәм “Сайёр” бажыхана аудитлери “Бирден-бир мәмлекетлик қадағалаў” мәлимлеме системасында дизимнен өткерилиўи арқалы Бизнес-омбудсманды хабардар еткен ҳалда әмелге асырылыўы тәртип-қағыйдалары бойынша мағлыўматлар берилди.
Ҳәр бир кәрханаға өткерилетуғын аудитлердиң нызамлы ҳәм әдил болыўының шәртлери, өткерилиў тәртиплери ҳәм мүддетлери өз-ара сәўбетлесиў түринде ҳәр бир сыртқы экономикалық жумыс қатнасыўшыларына жеткерилди.
Ушырасыў даўамында исбилерменлик субъектлерине Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 6-марттағы “Арнаўлы экономикалық ҳәм санаат зоналары жумысының нәтийжелилигин арттырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында”ғы пәрманы менен арнаўлы экономикалық зона қатнасыўшылары ушын товарларды қайта ислеў процесслеринде жаратылып атырған қолайлықлар, өндирис процесслерин “бажыхана аймағында қайта ислеў” режиминен пайдаланған ҳалда шөлкемлестириўдиң абзаллықлары әмелий мысаллар менен түсиндирилди.

Мағлыўмат ушын, Қарақалпақстан Республикасында жыл басынан жәми 5 кәрхана тәрепинен баҳасы 1 млн. АҚШ долларына тең товарлар “бажыхана аймағында қайта ислеў” режимине рәсмийлестирилип, соннан баҳасы 470 мың АҚШ долларына тең товарлар қайта исленген ҳалда экспорт етилиўи тәмийинленген.
Илаж жуўмағында СЭЖ қатнасыўшылары темаға байланыслы өзлерин қызықтырған сораўларға тараўлық структура басшылары ҳәм бизнес омбудсман ўәкилинен тийисли мағлыўматлар алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги