«Қара үйдиң ең жақсы 3D модели» таңлаўына старт берилмекте

241

Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлими тәрепинен «Қара үйдиң ең жақсы 3D модели» атамасындағы таңлаўын өткериў шөлкемлестирилмекте. Реже талаплары бойынша таӊлаў қатнасыўшыларына 3D моделди жаратыўда әмелий мәсләҳәтлер ҳәм түсиник бериў, жол жобалар көрсетиў мақсетинде бүгин  IT тараўына қызығыўшы жерлеслеримиздиң қатнасыўында семинар болып өтти.

Семинарға Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлими баслығы Т.Атамуратов, Қарақалпақ гуманитар илимлер илим-изертлеў институты директоры М.Қарлыбаев,  Қарақалпақстан Республикасы тарийхы ҳәм мәденияты мәмлекетлик музейи ҳәм Савицкий атындағы Қарақалпақстан мәмлекетлик көркем өнер музейлеринен Қара үйлер бойынша экспертлер қатнасты.

Семинар даўамында таӊлаў қатнасыўшылары 3D моделди жаратыў бойынша таӊлаўдыӊ реже талаплары менен жақыннан таныстырылды. Таӊлаў барысында әмелий мәсләҳәт бериўши қәнигелердиӊ пикирлери тыӊланды. Сонадай-ақ, «Қара үйдиң ең жақсы 3D модели» атамасындағы таӊлаўға 1-апрельден баслап старт берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги