Жойбар шеңберинде спорт жарысы өткерилди

264

Мойнақ районы Таллы өзек МПЖ аймағында жайласқан 1-санлы қәнигелестирилген мектепте  Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал демократиялық партиясы тәрепинен “Саламатлыққа қарай” жойбары шеңберинде ҳаял-қызлар арасында спорт жарысы болып өтти.

Жарысты өткериўден тийкарғы мақсет,  ҳаял-қызлар арасында саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў болып, онда мектеп муғаллимлери спорттың шахмат түри бойынша беллести. Жарыс оғада қызғын ҳәм көтериңки руўхта өтип, ҳәммеге бәҳәр кейпиятын  бағышлады.

Жарыс жуўмағында ӨзЛиДеП Мойнақ районлық Кеңеси тәрепинен жарыс қатнасыўшыларына саўғалар ҳәм ҳүрмет жарлықлары тапсырылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги