Сырт ел инвесторлар кеңеси мәжилисиниң шөлкемлестириў мәселелери додаланды

Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министри Лазиз Қудратов Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банкиниң мәмлекетимиздеги ўәкилханасының басшысы Анди Аранитаси менен ушырасты.
Сөйлесиўде ЕТРБ қатнасыўында әмелге асырылып атырған жойбарлар, сондай-ақ, банк жумысына байланыслы, «Өзбекстан – 2030» стратегиясы мақсетлерине сәйкес бир қатар жаңа басламалар алға қойылды.
Банк ўәкиллерине аймақларымыздағы өз бизнесин раўажланған мәмлекетлер базарында кеңейтиўге таяр ең белсенди исбилерменлер менен тиккелей ислесиў усыныс етилди.

Өз гезегинде, Анди Аранитаси исбилерменлер менен тиккелей ушырасыўлар өткериў жергиликли инвестиция имканиятын анықлаў ҳәм турақлы байланыс орнатыў қуралы сыпатында зәрүр екенлигин атап өтти.
Сөйлесиў даўамында Президент жанындағы Сырт ел инвесторлары кеңеси болажақ мәжилисиниң шөлкемлестириў тәреплери де додаланды.

Лазиз Қудратов мәмлекетлик уйымлар ҳәм халықаралық қаржы институтлары ашық сөйлесиўин раўажландырыўда бул кеңес әҳмийетли орын ийелейтуғынын атап өтти.
ЕТРБ тәрепи болажақ илажда белсене қатнасыўы, турақлы түрде мәмлекеттиң инвестициялық орталығын және де жақсылаўға қаратылған әмелий усыныслар киргизип барыўы тастыйықланды.
Б.Худойбердиев, ӨзА