Халықтың жерге байланыслы машқалалары шешилмекте

287

Халықтың Кадастр тараўындағы мүрәжатлерин көрип шығыў мақсетинде Мәмлекетлик кадастрлар палатасы баслығының биринши орынбасары Нозимжон Инамовтың басшылығында Нөкис қаласында  көшпели қабыллаў өткерилди.

Қабыллаўда  тараў бойынша физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң мүрәжатлери тыңланып, олардың машқалаларын нызамлы шешиўге ҳәрекет етилди.

– Бүгинги көшпели қабыллаўда мениң де машқалам көрип шығылды. Яғный, Тақыятас районында 3,2 гектарлық жер майданында жайласқан ыссыханамыз бар еди. Сол жерге аўыл хожалығына арналған жер сыпатында емес, ал толық ставкада салық төлеп атыр едик. Кадастр басшылары мүрәжатымды тыңлап, жерди аўыл хожалығы жери сыпатында есаптан өткеретуғын болды. Усындай жәрдеми ушын тараў басшыларынан миннетдармыз,-дейди қабыллаўға келген пуқаралардың бири  Вахид Қурбаниязов.

Қабыллаўда жәми 25 мүрәжат келип түскен болса, соннан 14 мүрәжат сол орынның өзинде унамлы шешилди. Қалған мүрәжатлерди үйренип шығыў ушын қәнигелерге тапсырмалар берилип, ҳуқықый тәреплери түсиндирилди.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги