Өзбекстан ҳәм Грузия: туризм тараўында бирге ислесиў және де беккемленеди

Олий Мажлис Сенатына Грузияның Өзбекстандағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Давид Котария келди.
Халықаралық қатнасықлар, сыртқы экономикалық байланыслар, сырт ел инвестициялары ҳәм туризм мәселелери комитети баслығының орынбасары О.Маткаримов пенен сөйлесиў ўақтында Өзбекстан-Грузия арасындағы еки тәреплеме қатнасықлар, соның ишинде, саўда-экономикалық, мәдений-гуманитарлық ҳәм туризм тараўларындағы бирге ислесиў мәселелери додаланды.
Тәреплер туризм тараўында бирге ислесиўди беккемлеўге қызығыўшылық билдирип, қәнигелер таярлаў ҳәм биргеликтеги саяхатларды шөлкемлестириў бойынша тәжирийбе алмасыўға таяр екенлигин атап өтти.
Ушырасыўда 5-9-апрель күнлери Ташкентте Парламентлераралық аўқамның 150-юбилей ассамблеясы өткерилиўи ҳаққында пикир алысылды. Елши Грузия парламенти баслығы Шалва Папуашвили басшылығындағы 14 делегация ағзалары усы әнжуманда қатнасатуғынын мәлим етти.
Сондай-ақ, Д.Котария Грузияда Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мәмлекетти раўажландырыў жолындағы ҳәрекетлери үлкен ҳүрметке ылайық болып атырғанын атап өтти.
Норгул АБДУРАИМОВА, ӨзА