Ел-журтымыздың азатлығы жолында, халқымыздың қәдир-қымбаты, ар-намысы, миллий қәдириятларымызды қорғаўда, езиўшиликке қарсы машақатлы гүреслерде қурбан болған ўатанласларымыздың естелиги миннетдар әўладлар ядында мәңги сақланып қалады.

Езиўшилик дүзими дәўиринде миллион-миллион гүнасыз инсанлардың өмири зая болғанын, қаншадан-қанша шаңарақлар бүлинип, көплеген нәрестелер жетим қалғанын тарийх, бүгинги ҳәм келешек әўлад ҳеш қашан умытпайды.

Халқымыздың әне, усындай пидайы ҳәм жигерли ул-қызларын еслеў, ҳақыйқатты ҳәм әдилликти тиклеў, заманласларымыз, атап айтқанда, өсип киятырған жас әўладтың қәлбинде және санасында өткенлердиң естелигине ҳүрмет-иззет сезимлерин арттырыў мақсетинде 2001-жылдан берли ҳәр жылы 31-август елимизде Репрессия қурбанларын еслеў күни сыпатында белгиленип келмекте.

Қурбан болғанлардың атларын қайта тиклеў, естелигин мәңгилестириў мақсетинде пайтахтымызда «Шейитлер естелиги» естелик комплекси ҳәм «Репрессия қурбанларын еслеў» музейи қурылды. Бул орынлардан зыяратшылардың қәдеми үзилмейди.

…31-август. Ерте таң. «Шейитлер естелиги» естелик комплексинде халқымыздың азатлығы ҳәм елимиздиң ғәрезсизлиги жолында қурбан болған марҳумларды еслеў мәресими өткерилди.

Мәресимде Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев қатнасты.

Дәстүр бойынша ас тартылды. Қуран оқылып, репрессия қурбанларының руўхына ҳүрмет көрсетилди.

Президентимиз диний уламалар, жәмийетшилик ўәкиллери, билимлендириў тараўының жуўапкер адамлары менен сәўбетлести.

-Ўатанпәрўар инсанларды ҳүрметлеп, жасларды миллий мақтаныш руўхында тәрбиялаў, оларда уллы бабаларымыздай мәрт ҳәм ержүрек болыў сезимин арттырыў зәрүр,-деди мәмлекетимиз басшысы.

Бул ушын Өзбекстан Ислам академиясы, Ислам цивилизациясы орайы ҳәм жоқары билимлендириў мәкемелери имканиятларынан кеңнен пайдаланыў, билимлендириў бағдарламаларын жетилистириў зәрүрлиги атап өтилди.

Президентимиз 2017-жыл 31-август күни өткерилген мәресимде бабаларымыздың Ўатан азатлығы ҳәм халқымыз тынышлығы жолындағы гүреси бүгинги күнниң жаслары ушын ибрат мектеби екенин атап өтип, ҳәр бир ўәлаяттағы университет ҳәм институтлардың жанында Репрессия қурбанларын еслеў музейи филиалларын шөлкемлестириў, репрессия қурбанларын еслеў бойынша мектепте арнаўлы бағдарлама тийкарында оқытыў системасын ислеп шығыў бойынша көрсетпелер берген еди.

Усы тапсырмаларға тийкарланып, 2017-жыл 22-ноябрьде Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң «Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Репрессия қурбанлары естелиги мәмлекетлик музейи ҳәм аймақлардағы жоқары билимлендириў мәкемелери структурасында Репрессия қурбанларын еслеў музейлерин шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди. Усы қарар тийкарында Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятлардағы жоқары билимлендириў мәкемелери структурасында Репрессия қурбанларын еслеў музейлери шөлкемлестирилмекте.

Музейлерге қайтыс болғанлар ҳаққындағы мағлыўматлар, сүўретлер, буйымлар қойылған. Буннан тысқары, олардың естелигине бағышланған илимий, әдебий, көркем китаплар топланып, олардың электрон нусқалары жаратылып атыр. Репрессия қурбанлары ўатанласларымыздың өмири ҳәм мийнетлери ҳаққындағы мағлыўматлар менен ҳүжжетлерди илимий изертлеў, олар ҳаққында гүрриң ететуғын китаплар, кинофилмьлер жаратыў, мектеплерде музей филиалларын шөлкемлестириў бойынша да кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

Бул музейлер жас әўладты ўатансүйиўшилик ҳәм миллий қәдириятларымызға ҳүрмет руўхында тәрбиялаў, оларда ағартыўшы бабаларымыз бенен мақтаныў сезимин қәлиплестириў, жаслардың ел-журт ушын мүнәсип перзентлер болып ержетиўинде үлкен әҳмийетке ийе.

Усы күни Президентимиз Шавкат Мирзиёев Мустақиллик майданына барып, еркинлигимиз, айдын келешегимиз ҳәм жақсы нийетлеримиздиң нышаны болған Ғәрезсизлик ҳәм жақсылық монументине гүл қойды.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ҳәм Нызамшылық палатасы, Министрлер Кабинети, министрликлердиң ўәкиллери де естеликке гүллер қойды.

ӨзА