Жумысларды және де кеңнен ен жайдырыў кереклиги атап өтилди

Қарақалпақстан Республикасы Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлигинде мийнет ҳуқықы, кәсип өнерге оқытыў, пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм басқа да алып барылып атырған жумыслар бойынша баспасөз конференциясы болып өтти.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлигиниң жуўапкер қәнигелери менен ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты. Илажда министрдиң орынбасары М.Раметов шығып сөйлеп, министрлик тәрепинен республикамызда алып барылып атырған жумысларға кең түрде тоқтап өтти. Буннан соң министрликтиң Мийнет нызамшылығы, мийнет ҳуқықларын қорғаў тийкарында инспекция тәрепинен алып барылып атырған жумыслар бойынша кең түрде түсиник берилди.
Аймақларда халықтың турмыс шараятын жақсылаў, исбилерменликти раўажландырыў, кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм социаллық қоллап-қуўатлаў бағдарламаларының нәтийжелилигине ерисиўде жаңа реформа ҳәм топланған миллий тәжирийбелерди және де жоқары басқышқа алып шығыў мақсетинде Президентимиз тәрепинен бир қатар қарар ҳәм пәрманлар қабыл етилип, мәмлекетимизде кең көлемли жумыслар алып барылмақта.
Усы пәрман ҳәм қарарлар тийкарында “Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай” бағдарламасы тастыйықланды ҳәм бағдарлама тийкарында өткен 2024-жылдан баслап “Кәмбағал шаңарақлар ушын жети имканият ҳәм жуўапкершилик” принципи тийкарында кәмбағал шаңарақларға индивидуал хызметлер режелери қәлиплестирилиўи белгилеп алынды. Усы принциплар тийкарында өткен 2024-жыл даўамында әмелге асырылған жумыслар нәтийжесинде республика бойынша жәми 16 мыӊ 659 шаӊарақ ҳәм олардың 51 мыӊнан аслам ағзалары кәмбағаллықтан шығарылып, республика бойынша кәмбағаллық дәрежеси 13,6 проценттен 10,8 процентке түсирилиўине ерисилген.
Бүгинги күнде, кәмбағал шаңарақларды кәмбағаллықтан шығарыў бойынша күнлик мониторинг жумыслары алып барылмақта.
Атап айтқанда, усы жылдың өткен дәўиринде “Кәмбағал шаңарақлар реестри”не киргизилген 20 мың 903 шаӊараққа кәмбағаллықтан шығарыў бойынша “индивидуал реже”лер дүзилген (республика бойынша жәми 29 059 шаӊарақ кәмбағал шаңарақлар реестрине киргизилген, 71,9%).
Усы жылдың өткен дәўиринде 4 мың 771 кәмбағал шаңарақ ҳәм 21 мың 234 кәмбағал шаңарақ ағзаларына турақлы бәнтлик хызметлери көрсетилди.
Қарар тийкарында, республика бойынша жәми 951 (соннан, 251 республикалық, 700 районлық ҳәм қалалық) мәмлекетлик шөлкемлердиң басшылары ең аўыр жағдайдағы 4 мыӊ 750 кәмбағал шаңараққа бириктирилди.
Онда, бириктирилген жуўапкерлерге төмендеги ўазыйпалар әмелге асырылыўы белгилеп берилди. Шаңарақлардың кәмбағаллық жағдайына түсиў себеплерин үйренип, “мәҳәлле жетилиги” тәрепинен шаңарақты кәмбағаллықтан шығарыў бойынша индивидуал реже ислеп шығылыўын тәмийинлеў, “мәҳәлле жетилиги” коммерциялық банклер, жетекши исбилерменлерди тартқан ҳалда шаңарақлардың өз қыйтақ жерлериндеги имканиятлардан нәтийжели пайдаланыўына, қызығыўшылығы болған шахслардың өзин-өзи бәнт етиўине ҳәм исбилерменликти жолға қойыўына, шаңарақ ағзаларының, ҳаял-қызлардың кәсип-өнер ҳәм шет тилин үйрениўине, оларға бос жумыс орынларын табыўға ҳәм жумысқа жайласыўына жәрдем бериў, исбилерменлик жумысын баслаў ушын киши өндирис үскенелери, көшпели дүканлар, мотороллер, скутер ҳәм соль сыяқлы басқа да тийкарғы қуралларды процентсиз қарыз есабынан алып бериў.
Бириктирилген басшылар тәрепинен ҳар айда 2 мәрте кәмбағал шаӊарақлардан хабар алыўы ҳәм “online.mahalla.uz” платформасында ҳәким жәрдемшилериниң планшети арқалы, бириктирилген басшылардың бармақ (Touch-ID) қалдырыўды белгилеўши бағдарлама иске түсирилди.
Бағдарлама тийкарында өткен 2024-жылда республикамыздағы ең аўыр жағдайдағы 96 мәҳәлле таңлап алынды. Бул мәҳәллелерде қыйтақ жерлерди суўғарыўды жақсылаў, электр энергиясының турақлы жеткерип берилиўин тәмийинлеў, интернет сапасын арттырыў, ишки жолларды оңлаў ҳәм басқа да инфраструктураны жақсылаў мақсетлери ушын жәми 318 млрд.сумлық мәнзилли дизим қәлиплестирилди.
Бул жумысларды үш басқышта әмелге асырыў режелестирилип алынды ҳәм бул мәҳәллелерге республика дәрежесиндеги мәмлекетлик уйымлардың басшылары ҳәм олардың орынбасарлары бириктирилип, олар ҳәр айда бир мәрте өзине бириктирилген мәҳәллелерге барып, жоқарыда белгиленген ўазыйпалардың әмелге асырылыўын ҳәм жүзеге келген машқалаларды өз ўақтында сапластырыў илажларын көриў белгилеп берилди.
Халықты дәраматлы мийнет пенен бәнт етиў бойынша да кең көлемли жумыслар алып барылмақта. Бул бойынша Президентимиздиң ПҚ-12-санлы қарарына тийкарланып усы жылы 125 мыӊ 831 халықты дәраматлы мийнет пенен бәнт етиў бағдарламасы ислеп шығылды. Онда, коммерциялық банклер тәрепинен жәми 86 мың 383, аўыл хожалығы тараўында 23 мың 931 пуқара, инвестициялық жойбарларды иске қосыў есабынан 9 мың 892 пуқара, қурылыс тараўында 5 мың 625 халықты бәнт етиў белгиленди.
Нәтийжелерге ерисиўде тийкарынан коммерциялық банклер тәрепинен өткен дәўирде “Шаңарақлық исбилерменлик бағдарлама”лары шеңберинде 121,5 млрд сумлық, “Киши бизнести үзликсиз қоллап-қуўатлаў” комплексли бағдарламасы тийкарында 54,3 млрд сумлық кредит қаржылары ажыратылған.
Сондай-ақ, усы жылдыӊ өткен дәўирынде қала ҳәм районлық Бәнтлик уйымлары тәрепинен 8,5 мыңнан аслам жумыссыз пуқаралар кәрхана ҳәм шөлкемлердеги бос ҳәм резервленген жумыс орынларына жумысқа жайластырылды.
Бүгинги күнде республика бойынша жәми 2 616 бос (вакант) жумыс орынлары бар екенлиги анықланған. Соннан, мәмлекетлик мәкемелерде 2 196 жумыс орны, жеке меншик кәрханаларда 420 жумыс орнын қурайды.
Ҳәким жәрдемшиси мәҳәлледеги жумыссызлардыӊ өз қәлеўлери ҳәм мийнет базарындағы талаптан келип шығып, кәсип-өнер ҳәм исбилерменликке оқыўға қамтып алмақта.
“Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай” бағдарламасы тийкарында усы жылы жәми 125 мыӊ 831 халықты дәраматлы мийнет пенен бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм жумыссызлық дәрежесин 5,4 процентке түсириў илажларын көриў, 101 мыӊ 393 (22 131 шаӊарақ) халықты кәмбағаллықтан шығарыў ҳәм кәмбағаллық дәрежесин 7,6 процентке түсириў, ең аўыр жағдайдағы 96 мәҳәллениң қыйтақ жерлерин суўғарыўды жақсылаў, электр энергиясының турақлы жеткерип берилиўин тәмийинлеў, интернет сапасын арттырыў, ишки жолларды оңлаў ҳәм басқа да инфраструктураны жақсылаў жумысларын толық алып барыў режелестирилген.
Илаж барысында ғалаба хабар қураллары ўәкиллери тәрепинен қәнигелерге тараўға байланыслы сораўлар берилип, тийисли жуўапларды алды. Дөгерек сәўбети түринде өткерилген бул илажда қатнасыўшылардың пикир-усыныслары тыңланып, мәлимлеме тараўында бирге ислесиў, пуқараларды жумыс пенен бәнт етиўде, сондай-ақ, кәмбағаллықты қысқартыўда алып барылып атырған жумысларды еле де ен жайдырыў бойынша келисип алынды.

Г.Турдышова, Қарақалпақстан хабар агентлиги