Өзбекстанлы илимпазлар халықаралық конференцияда биринши орынға ылайық деп табылды

Америка Қурама Штатларының Невада штаты Лас-Вегас қаласында усы жылдың 23-27-март күнлери, АҚШ Метал, минераллар ҳәм материаллар шөлкеми тәрепинен «TMS Annual meeting-2025» дүнья жүзилик конференциясы шөлкемлестирилди.
Онда аэрокосмослық, машина қурылысы ҳәм алдыңғы материаллар бойынша дүньяның көзге көринген шөлкемлери, кәрханалар ҳәм билимлендириў дәргайларынан 4000 нан артық илимпазлар қатнасты.
Әнжуманда Өзбекстан жәмәәти де «Жоқары энтропиялы еритпелердиң микроструктурасы ҳәм механикалық үлеслерине ҳәр қыйлы ыссылықтағы қыздырыў (аннеалинг) даўамлылықларының тәсириниң терең талланыўы» темасында илимий жумыс пенен қатнасты.

Бул ойлап табыўдың әҳмийети сонда, онда ҳәзирги күнде әҳмийетли болып есапланған жаңа түрдеги заманагөй материаллардың жоқары температураға беккемлигин тәмийинлеў жоллары сәўлелендирип берилген. Олардың механикалық өзгешеликлерин сақлаған ҳалда, нано өлшемде структуралық өзгерислери ҳаққында билдирилген.
Изертлеў заманагөй материалтаныўшылық бағдарындағы әҳмийетли машқалаларға шешим усыныс еткени ушын халықаралық төрешилер коллегиясы тәрепинен жоқары баҳаланды ҳәм биринши орынға ылайық көрилди.
ӨзА