Өзбекстан Сан-Мариноға биринши елшисин жиберди

Өзбекстанның Сан-Мариноға тайынланған биринши елшиси Абат Файзуллаев (резиденциясы Римде жайласқан) усы мәмлекет басшылары – Капитан-регентлер Франческа Чиверкья ҳәм Далибор Риккардиға исеним жарлықларын тапсырды.
Салтанатлы мәресимде Сан-Марино сыртқы ислер министри Лука Беккари шығып сөйлеп, аккредитациядан өткен елшилерди қоллап-қуўатлады.
Министр Лука Беккари мәмлекетимиз басшысының басламасы менен елимизде алып барылып атырған кең көлемли экономикалық ҳәм демократиялық реформаларды, Өзбекстан ҳәм Сан-Марино арасында байланысларды раўажландырыўға қаратылған ҳәрекетлерди, соның ишинде усы елге биринши елшиниң тайынланыўын жоқары баҳалады. Сондай-ақ, елимиздиң климат ҳәм қоршаған орталық пенен байланыслы машқалаларға қарсы гүресиўде ҳәм турақлы раўажланыў жолында алып барылып атырған дана сиясаты айрықша атап өтилди.

Өз-ара саўда-экономикалық бирге ислесиўди раўажландырыў, еки тәреплеме шәртнама-ҳуқықый базаны беккемлеў, көп тәреплеме бирге ислесиў бағдарында, атап айтқанда, БМШ ҳәм ЕҚБШ шеңберинде талабанлар ҳәм басламаларды өз-ара қоллап-қуўатлаў сыяқлы әмелдеги пайдалы шерикликти даўам еттириўге исеним билдирилди.
Мағлыўмат орнында айтыў керек, еллеримиз арасындағы дипломатиялық қатнасықлар 2021-жыл 3-февральда орнатылған. Сан-Марино дүньядағы ең киши мәмлекетлердиң бири болып, Қубла Европа регионында жайласқан.
Еслетип өтемиз, Абат Файзуллаев 2023-жылдың ноябрь айынан берли елимиздиң Италиядағы елшиси ҳәм Римдеги халықаралық шөлкемлер жанындағы турақлы ўәкили және 2024-жыл декабрь айынан баслап Өзбекстанның Кипрдеги елшиси сыпатында жумыс алып бармақта.
Абат Файзуллаев 2020-2023-жылларда үлкемиздиң Австриядағы ҳәм еки жумысты қатар ислеў тийкарында Венгрияның елшиси сыпатында жумыс ислеген. Ол бир ўақыттың өзинде Өзбекстанның Европадағы қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеми ҳәм Венадағы басқа да халықаралық шөлкемлер жанындағы турақлы ўәкили лаўазымында да жумыс алып барған.
ӨзА