Депутатлардың жумысын нәтийжели шөлкемлестириў мәселелери додаланды

331

«Адолат» СДП тәрепинен жергиликли Кеңеслердеги партия депутатлары ушын «Жергиликли кеңеслер ҳәм депутатлардың жумысын нәтийжели шөлкемлестириў, олардың Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутатлары менен бирге ислесиўин беккемлеў» темасында семинар-тренинг шөлкемлестирилди.

 Өткен жылғы сайлаўда халық депутатлары жергиликли Кеңеслерине «Адолат» социал-демократиялық партиясынан сайланған депутатлар партияның сайлаў алды бағдарламасында белгиленген мақсетлерди жүзеге шығарыў, халықтың мәплерин қорғаў ҳәм орынлардағы социаллық-экономикалық мәселелерди шешиўде белсене қатнасыўы зәрүр. Бул процессте жергиликли Кеңеслерде депутатлық жумысын нәтийжели шөлкемлестириў, нызам дөретиўшилиги ҳәм қадағалаў-таллаў жумысын күшейтиў, депутатлар арасында өз-ара бирге ислесиўди беккемлеў үлкен әҳмийетке ийе.

Усы мақсетте шөлкемлестирилген семинарда депутатлардың ўәкиллиги ҳәм жуўапкершилиги, олардың нызам дөретиўшилиги процесине қатнасыўы, жергиликли дәрежедеги машқалаларды парламент минберине алып шығыў механизмлери ҳәм нәтийжели бирге ислесиў жоллары бойынша ҳәр тәреплеме мағлыўматлар берилди.

– Партиямыздан көрсетилген талабанлардан Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасына 21 талабан депутат етип сайланған болса, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, халық депутатлары ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық Кеңеслерине 103, халық депутатлары районлық ҳәм қалалық Кеңеслерге болса 752ни қурады. Талабанлар көрсетиўде тиккелей гендер теңликке айрықша итибар қаратылған. Және соны да атап өтиў керек, ўәлаятлық Кеңеслерде 14, районлық ҳәм қалалық Кеңеслеринде 188 депутатлық топарлары дүзилиўине ерисилди. Бул болса, өз гезегинде, «Адолат» СДП тек ғана Олий Мажлистиң Нызамшылық палатасында емес, ал жергиликли Кеңеслерде де үлкен күшке ийе екенин көрсетеди. Биз бул күштиң әлбетте, халықтың турмыс дәрежесин буннан былай да арттырыў, оларды қыйнап киятырған машқалаларды сапластырып, унамлы нәтийжеге ерисиў жолында хызмет ететуғын мақсет еткенбиз, – деди партия басшысы Робахон Маҳмудова.


Семинарда баянатшылар тәрепинен депутатлардың аймақлардағы жумысын буннан былай да жанландырыў, халық мәплерин нәтийжели қорғаў ушын зәрүр механизмлер, сондай-ақ, жергиликли ҳәм орайлық мәмлекетлик уйымлар менен бирге ислесиўди күшейтиў мәселелери, депутаттың статусы, ҳуқықлары менен миннетлемелери ҳаққында және олардың ғалаба хабар қуралларында шығыўын кеңейтиў, депутатлық жумыстың ашық айдынлығын тәмийинлеў бағдарында кең мағлыўматлар берилди.

Өз гезегинде, жергиликли Кеңеслердеги депутатлардың пикир-усыныслары тыңланды.

Муҳтарама КОМИЛОВА,

ӨзАның хабаршысы