Жер ийесиз емес

Мәмлекетимиз басшысының 2022-жыл 21-февральдағы «Жер участкаларынан пайдаланыўда мәмлекетлик қадағалаўдың нәтийжелигигин арттырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарының орынланыўы бойынша Қарақалпақстан Республикасы прокуроры Э.Таджиевтиң басшылығында мәжилис өткерилди.
Онда жер ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыўды тәмийинлеў бағдарында дүзилген жумысшы топар ағзалары, Қарақалпақстан Республикасы қурылыс министрлиги, Кадастр агентлиги, Кадастр палатасының аймақлық басқармасы ҳәм басқа жуўапкер шөлкемлердиң ўәкиллери қатнасты.

Атап өтилгениндей, соңғы жыллары республикада жер участкаларынан ақылға уғрас ҳәм мақсетли пайдаланыўын тәмийинлеў, оларды қорғаў, жаңа жерлерди өзлестириў ҳәм қайта айланысқа киргизиў бағдарында системалы жумыслар әмелге асырылмақта. Бирақ, айырым аймақларда жер нызамшылығына әмел етпеў, жер участкаларынан мақсетсиз ҳәм нәтийжесиз пайдаланыў, нызамсыз қурылмалар қурыў, жерлерди өзбасымшалық пенен ийелеў жағдайлары ушыраспақта.
Мәжилисте қарардың орынланыўын тәмийинлеў, жер ресурсларының талан-таражлығы, өзбасымшалық пенен ийелеў жағдайларының алдын алыўға қаратылған жумыслар сын көзқараста додаланды. Жол қойылып атырған кемшиликлерди сапластырыў, келешекте ўазыйпаларды нәтийжели әмелге асырыў бағдарында илажлар белгиленип, бул бойынша тараў жуўапкерлерине тапсырмалар берилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги