«Қатар – Өзбекстан» парламентлераралық дослық  топарының ўәкиллери менен онлайн-ушырасыў болып өтти

292

Быйылғы жылдың 24-март күни Олий Мажлис Сенатының ағзалары «Қатар-Өзбекстан» парламентлераралық дослық топарының ўәкиллери менен онлайн-ушырасыў өткерди.

Ушырасыў даўамында пайтахтымызда болып өтетуғын Парламентлераралық аўқамның 150-юбилей ассамблеясына байланыслы бир қатар мәселелер додаланды ҳәм анық  усыныслар билдирилди.

Сөйлесиўде Өзбекстан ҳәм Қатар арасындағы стратегиялық қатнасықлар жедел раўажланып баратырғаны атап өтилди, сондай-ақ, парламентлераралық қатнасықларды беккемлеў, халықаларық шөлкемлер щеңберинде бирге ислесиў  мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Ушырасыў жуўмағында еки мәмлекет арасындағы қатнасықларды және де беккемлеў мақсетинде   турақлы түрде сөйлесиў өткериўге келисип  алынды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги