Бирге ислесиў байланыслары беккемленбекте

308

«BMB HOLDING» компаниясы бас директорының халықаралық қатнасықлар ҳәм инвестициялар мәселелери бойынша орынбасары Хайрулла Набижанов «AMC Overseas UAE» (Бирлескен Араб Әмирликлери) компаниясының басшысы, мырза Шувра Чакрабарти менен ушырасты.

Ушырасыў барысында Хайрулла Набижанов сырт елли мийманға «BMB HOLDING» компаниясының жумысы ҳәм саўда-экономикалық бирге ислесиўди жолға қойыўдағы қолда бар имканиятлар ҳаққында ҳәр тәреплеме мағлыўматлар берди.

Өз гезегинде мырза Шувра Чакраборти компания менен бирге ислесиўден мәпдар екенин және өзи ҳәм бизнес тараўындағы 30 жыллық тәжирийбеси ҳаққында сөз жүргизип, ол ўақытта Өзбекстан мәмлекетлик уйымларға консультант сыпатында тартылып атырғанынан жүдә қанаатланатуғынын атап өтти.

Сөйлесиў даўамында бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарлары сыпатында өним ҳәм хызметлерди сырт ел базарларына экспорт етиў, Холдингтиң топ-менеджери ушын маманлық арттырыў бағдарламаларын шөлкемлестириў мәселелери көрип шығылды.

Ушырасыўда мырза Шувра Чакрабортидиң усы жыл 9-19-апрель күнлери «BMB HOLDING» компаниясына қараслы кәрханаларға сапарын шөлкемлестириў, медиа-маркетинг бағдарында өз-ара пайдалы бирге ислесиўди жолға қойыўға келисип алынды.

ӨзА