Бақсы қыздың «Шабандоз» ы

894

Шабандоз, ат белинде шабандоз,
Арғымағы астында, бәринен оз шабандоз,-деп еситкен адамға миллий сүйиспеншиликти арттырып, көкирегиңди мақтаныш сезимине толтыратуғын қосық жақында социаллық тармақлар арқалы жылдырымдай тарқалып, ютубта еки айда 16 мыңнан аслам көрилген.

Бул қосықты Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы бақсышылық ҳәм дәстаншылық қәнигелигиниң 3-курс студенти Меҳрибан Тилеўмуратова атқарып, тыңлаўшылар тәрепинен жақсы күтип алынбақта.

Қанлыкөл районының Жайхун АПЖ да туўылып өскен Меҳрибан балалығынан көркем өнерге қызығыўшылығы жоқары болған. Лекин, шаңарақ ағзаларының қарсылығы себепли ол көркем өнерге кеш болса да кирип келеди. Яғный, мектепте 11-класста оқып жүрген гезлеринде қарақалпақ халқының миллий ала мойнақ дуўтарын шертип үйрене баслайды. Дуўтар шертиўдиң әлўан түрли сырларын үйретип, бақсышылық өнерине қызығыўына себепши болған устазы, пайтахтымыздағы 12-санлы балалар музыка мектебиниң оқытыўшысы Сапаргүл Башерова оның айдын келешегине жол салған биринши устазы. Ҳәзирги ўақытта Қарақалпақстан халық бақсысы Гүлбахар Ақымбетова оның талантын қоллап-қуўатлап, ҳәр тәреплеме жәрдем берип келмекте.
Ол қарақалпақ халық қосықлары менен дәстанлардан үзиндилер атқарып бир неше таңлаўларда алдынғы орынларға миясар болып келмекте. Атап айтқанда, 2023-жылы «Есжан бақсы урпақлары» таңлаўының республикалық басқышында сертификат пенен сыйлықланған болса, Қазақстанда өткерилген Дрии фест халықаралық фестивалында қатнасып гран при сыйлығына мүнәсип болған болса, 2024-жылы Россия мәмлекетинде өткерилген «Седьмой зима» таңлаўында онлайн усылда қатнасып сыйлы биринши орынды ҳәм «Саънат сехри» таңлаўында биринши орынды ийелеўге миясар болады.
Меҳрибан қосық айтыў менен бирге оқыў орнында сабақларынан жақсы баҳаларға үлгериўи менен көзге түсип, Ибрайым Юсупов атындағы мәмлекетлик стипендиясы ийеси болды.
-Ҳәзирги ўақытта устазым Гүлбаҳар Ақымбетова менен жаңа қосықлар үстинде ислеп атырмыз. Келешекте халқымыздың кеўлинен шығатуғындай миллий қосықларды, дәстанларды атқарып, Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлықтың ийеси болсам деген нийеттемен,-дейди Меҳрибан.

Елимизде Наўрыз қуўанышлары даўам етип, орынларда өткерилип атырған байрам тамашаларында көркем-өнер ғайраткерлери өзлериниң концерт бағдарламалары менен халқымызға көтериңки кейпият бағышламақта. Меҳрибан да пайтахтымызда болып өткен Наўрыз байрамына бағышланған концерт бағдарламасында «Шабандоз» қосығын атқарып тамашагөйлердиң алғысына миясар болды.

Дәстанлар атқарыўды нийет етип, тынымсыз таярлықлар менен бәнт болып атырған жас бақсы қызымыздың келешеги айдын болыўын тилеймиз.

Г.Турдышова, Қарақалпақстан хабар агентлиги