“Ҳәким жәрдемшиси”ниң жәрдеми…

386

Мәмлекетимизде пуқаралардың жумыс пенен бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм  турмыс шараятларын жақсылаў мақсетинде, шаңарақ исбилерменлигин раўажландырыў бойынша банклер тәрепинен мәҳәлле жетилигиниң усынысы тийкарында, жеңилликли кредитлер ажыратылыўы жолға қойылған. Бул жеңилликлерден дурыс пайдаланған ҳалда өзиниң турмыс шараятларын жақсылаўға ерискен, кредит тийкарында жолға қойған исбилерменлиги арқасында тапқан пайдасы яки өнимлерин өз шаңарағы, шаңарағынан аўысқанларын базарларға шығарып дәрамат таўып киятырған пуқаралар көпшиликти қурайды.

Деген менен, арамызда өз хызмет ўазыйпаларына жуўапкершиликсиз қарап, өз мәпин халық мәпинен үстин қойып жүрген заманласларымызда барлығы бизлерди терең ойға талдырады.

Буны бизлер Жынаят ислери бойынша Тахтакөпир район судында көрилген ис мысалында көриўимиз мүмкин.

Суд мажилисинде анықланған жағдайларға бола, Тахтакөпир районы Мүлк АПЖ ның ҳаял-қызлар мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси З.Қ жынайый шериги усы аймақтағы ҳәким жәрдемшиси Б.М менен тил бириктирип Тахтакөпир районы Мүлк АПЖ Жылғалы көшеси 1-жайда жасаўшы пуқара Г.П ның атына Тахтакөпир районлық мәмлекетлик хызметлер орайынан электрон санлы қолтаңба аштырады ҳәм усы электрон қолтаңбадан П.Гның хабарысыз 2023-жылдың 9-июнь күни АК «Халық банк»тиң Тахтакөпир районлық филиалына «ҳәр бир шаңарақ исбилермен» бағдарламасы  тийкарында 36 ай мүддетке 6 ай жеңилликли дәўир ҳәм жыллық 14% үстеме ҳақы төлеў шәрти менен мототранспорт қуралын сатып алыў ушын 32.500.000 сум муғдарында кредит ажыратыў ҳаққында арза жазады. Бул арзада көрсетилиўи лазым болған телефон номер графасына танысы Ж.Бға тийисли телефон номерин көрсетип, пуқара П.Гның атына қәлбеки арза менен мүрәжат етип, жәбирлениўшиниң атынан 32.500.000 сум кредит пулларын ажыратылыўына ерискен.

Әлбетте, «қыңыр истиң қыйығы қырық жылдан кейин де шығады» дегендей бул пуқаралардың нызамсыз ис-ҳәрекетлери өз ўақтында ашылып, суд мәжилисинде нызам алдында жуўапкершилик мәселелери көрип шығылды.

Деген менен жаза тайынлаў менен мәселениң шешими табылды деп болмайды. Шаңарақлардың абадан турмыс кешириўи ҳәм келешекке исеним менен қараўы ушын мәмлекетимиз тәрепинен жаратылған кең имканиятлардан дурыс пайдаланыўын тәмийинлеўде мәмлекетлик уйым хызметкерлери өз хызмет ўазыйпаларына ҳадал ҳәм пидайы болыўы, коррупция иллетинен аўлақ болыўы зарүр.

О. Мауленов,

Жынаят ислери бойынша

Тахтакөпир районлық судының баслығы.

    Қарақалпақстан хабар агентлиги