Мәҳәлле жетилиги ағзалары мүнәсип хошаметленди

271

Төрткүл районы ҳәкимлигинде «Мәҳәлле системасы хызметкерлери күни» мүнәсибети менен тараў пидайыларын сыйылықлаў мәресими болып өтти ҳәм онда бир топар мәҳәлле жетилиги ағзалары мүнәсип хошаметленди.

Илажда район ҳәкими Р.Шамуратов қатнасты ҳәм жумысында үлгили хызмет етип атырған мәҳәлле системасы хызметкерлерин усы байрам менен қызғын қутлықлап, олардың келешектеги жумысларында тасқын табыслар тиледи.

Төрткүл районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети бөлими берген мағлыўматқа бола, илаж даўамында бүгинги күнде алып барылып атырған реформалардың нәтийжесинде жемисли мийнет етип атырған, мәҳәллениң абаданлығы, тынышлығы ҳәм мәҳәллени раўажландырыўға қосқан үлеси ушын бир топар мәҳәлле жетилиги ағзалары баҳалы саўғалар ҳәм миннетдаршылық хатлары менен сыйлықланған.

Қарақалпақстан хабар агентлиги