Байрам мүнәсибети қайырқомлық илажлары басланды

Соңғы жыллары елимизде жәрдемге мүтәж, физикалық имканияты шекленген инсанларға жәрдем көрсетиў, оның турмыстан разы болып жасаўы ушын қолайлы шараятлар жаратып бериў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.
Инсан қәдири ҳәм мәплериниң үстинлигине қаратылып атырған жоқары итибардың айқын көриниси сыпатында, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы «Инсан» социаллық қорғаў агентлигиниң жумысы жолға қойылғанлығын айтып өтиўимизге болады.
Усы өткен дәўир ишинде, агентликтиң қала ҳәм районлардағы социаллық хызметлер Орайлары тәрепинен көплеген унамлы ислер әмелге асырылды. Наўрыз улыўмахалықлық байрамы ҳәм мүбәрек Рамазан айы мүнәсибети менен республикамыздағы барлық қалалық ҳәм районлық «Инсан» социаллық хызметлер орайы, районның бас имамлары биргеликте аймақлардағы социаллық қорғаўға мүтәж шаӊарақларға байрам саўғалары ретинде азық-аўқат өнимлери ҳәм мийўе нәллери тапсырылды.

Илажда орайлардың хызметкерлери ҳәм имамлар тәрепинен бундай қайырқомлық жәрдемлер мәмлекетимизде инсан қәдири ушын әмелге асырылып атырған ислеримиздиӊ нәтийжеси екенлигин атап өтип, бәршени байрам менен қутлықлады.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы