Коррупцияға қарсы гүресиў жумыслары сын көзқарастан көрип шығылды

Республикалық мәкемелер аралық жумысшы топардың Беруний, Төрткүл, Кегейли, Нөкис районлары ҳәм Нөкис қаласындағы үйрениўлериниң жуўмақлары, коррупцияға байланыслы жынаятшылық жағдайы, келип шығыў себеплери ҳәм оларды сапластырыў бойынша көрилип атырған профилактикалық илажлар аймақлық кеңестиң мәжилисинде додаланды.
Мәжилиске Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев қатнасты.
– Үш күн даўамында денсаўлықты сақлаў, бәнтлик, мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи, кадастр-қурылыс тараўларында 20 дан аслам объект ҳәм мәҳәллелерде үйрениўлер өткердик. Үйрениўлеримиз даўамында бул тараўларда коррупцияның алдын алыў бағдарында айырым жумыслар нәтийжели шөлкемлестирилмегенлиги ҳәм халыққа мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў процесслеринде «инсан факторы» елеге шекем сақланып қалып атырғанлығы анықланды. Сол себепли, алдымызда коррупцияға қарсы гүресиў системасын түп-тийкарынан қайта көрип шығыў, бул бағдарда әсиресе, аймақлық Кеңестиң белсендилигин арттырыў, оның ағзаларының жуўапкершилигин күшейтиў бойынша кешиктирип болмайтуғын ўазыйпалар тур, – деди Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги директоры Акмал Бурханов.
Мәжилисте үйрениў жуўмақлары бойынша район-қала ҳәкимлери, ҳуқық қорғаў уйымларының басшылары ҳәм басқа да тийисли жуўапкерлер менен коррупциялық факторларды сапластырыў ҳәм коррупциялық жынаятларды кескин азайтыўға қаратылған илажлар додаланды.

Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен белгилеп берилген ўазыйпа ҳәм тапсырмалардан келип шығып, Коррупцияға қарсы гүресиў аймақлық кеңеси ҳәр айда бир мәрте таңлап алынған тараў бойынша коррупциялық факторларды үйрениў, усыныслар бериў ҳәм усы тараў басшыларының мәлимлемелерин тыңлаў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Мәжилисте Төрткүл районын коррупциядан аўлақ аймаққа айландырыў бойынша илажлар режесин ислеп шығыў белгиленди.
Сондай-ақ, Аймақлық кеңестиң жаңаланған жыллық жумыс режеси тастыйықланды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги