Аўған халқына гезектеги гуманитарлық жәрдем

293

Президентимиздиң тапсырмаларына муўапық халқымыздың кеңпейиллиги ҳәм қоллап-қуўатлаў белгиси сыпатында Наўрыз улыўма халықлық байрамы ҳәм жақынласып киятырған Рамазан ҳайыты мүнәсибети менен дерлик 200 тонна азық-аўқат өними артылған гезектеги гуманитарлық жәрдеми Аўғанстан халқына – қоңсы мәмлекеттиң Балх ўәлаятына жеткерилди.

Гуманитарлық жәрдем қурамынан орын алған ун, бийдай, макарон, өсимлик майы, қумшекер, тез таярланатуғын тағамлар, қызыл лобия, мәш өнимлери Ҳайратон қаласындағы «Астрас» компаниясы аймағында Президентимиздиң Аўғанстан бойынша арнаўлы ўәкили Исматилла Иргашев, Сурхандәрья ўәлаяты ҳәкими Улуғбек Қосимов, сондай-ақ, Қорғаныў, Транспорт, Қурылыс ҳәм турақ жай коммуналлық хожалығы, Сыртқы ислер министрликлериниң жуўапкерлери, Балх ўәлаяты губернаторы Муҳаммед Юсуф Вафо ҳәм еки тәрептиң басқа рәсмийлериниң қатнасыўында тапсырылды.








Мозори Шариф қаласында еки тәреплеме ушырасыў өткерилип, келешекте өз-ара бирге ислесиў байланысларын раўажландырыў мәселелери додаланды. Әмелге асырылып атырған жаңа жойбарлар менен де танысылды.

Сөйлесиў ўақтында Өзбекстан тәрепинен Аўғанстанда қурылып атырған Имам Бухарий мақбарасының қурылысы ҳаққында да айрықша пикир алысылды.

Жан қоңсы мәмлекет рәсмийлери Өзбекстан Президенти ҳәм халқына көрсетилип атырған жәрдеми ушын миннетдаршылық билдирип, жақынласып киятырған Рамазан ҳайыты мүнәсибети менен қызғын қутлықлаўларын жоллады.

Холмўмин Маматрайимов, ӨзАның хабаршысы