Наўрыз – халқымыздың ески тарийхы, бай мәденияты ҳәм бийбаҳа қәдириятларын өзинде жәмлеген тынышлық, татыўлық ҳәм абаданлық байрамы. Ол елимизде жасап атырған барлық миллетлер, халықлар ушын бирдей сүйикли ҳәм ең қәдирли байрамларының бири.
Республикамыздың барлық аймақларында болғаны сыяқлы, Тахтакөпир районында быйылғы Наўрыз улыўмахалықлық байрамы «Қәдириятларың мәңги болсын, Наўрыз!» сүрени астында көтериңки руўхта өткерилди.
Байрам салтанатында район ҳәкиминиң биринши орынбасары Т.Тоқымбетов ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы М.Атамуратовлар район халқын жасарыў ҳәм жаңаланыў, жақсылық ҳәм кеңпейилилик әййямы болған – Наўрыз улыўмахалықлық байрамы менен қызғын қутлықлады.
Соңынан республикамызға белгили қосықшылар ҳәм районлық мәденият бөлими хызметкерлери тәрепинен байрамға бағышланған концерт бағдарламасы қойып берилип, бул илаж қатнасыўшыларына айрықша заўық бағышлады.
Халық сейилине айланған Наўрыз байрамында райондағы мәкеме, кәрхана ҳәм шөлкем хызметкерлери, аймақ турғынлары тәрепинен таярланған миллий тағамлар ҳәм үрп-әдет, дәстүрлеримизди өзинде сәўлелендириўши көргизбелер шөлкемлестирилди.
Байрам илажы даўамында миллий гүрес, тас көтериў, қораз урыстырыў ҳәм қошқар дүгистириў, арқан тартысыў ҳәм басқа да миллий спорт түрлеринен жарыслар шөлкемлестирилип, жарыс жеңимпазлары район ҳәкимлигиниң баҳалы саўғалары менен сыйлықланды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы