Усы жыл 20-март күни Нөкис қаласындағы «Дослық» каналы бойында «Қәдириятларың мәңги болсын, Наўрыз!» сүрени астында байрамға бағышланған салтанатлы илажлар өткерилди.

Үлкемизге бәҳәрдиң кирип келиўи инсан руўхыятын ҳәм қәлбин толқынландырып, халқымызды ең сүйикли миллий байрамларымыздың бири Наўрызға қарай талпындырады. Быйылғы жасарыў ҳәм жаңаланыў мәўсими уллы мақсетлерге үнлес болмақта.

Кеўиллер қайырлы әмеллерден нәр алып атырған ҳәр бир күнде инсан қәлби байрам заўқы менен жасайды. Усыған үйлесимли тәризде елимиз бойлап Наўрыз бенен байланыслы дәстүрлер көргизбеси, миллий мәдений орайлардыӊ көргизбелери өткерилмекте.

Байрам ҳәм халық сейилине жыйналғанларды Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев Наўрыз әййямы менен  қызғын қутлықлады.

Республикамыз басшысы Наўрыз байрамының арзыў-нийетлеримиз, әмелий ислеримиз бенен үнлес екенлигин айырықша атап өтти.

Халқымыздыӊ пидәкерли мийнети менен елимизде жаӊадан-жаӊа заманагөй кәрханалар, қолайлы турақ жайлар, социаллық ҳәм мәдений объектлер, жол ҳәм көпирлер, бағ ҳәм қыябанлар қурылмақта. Инсан қәдирин улығлаў, оныӊ турмыслық мәплерин ҳәм социаллық қорғаўды тәмийинлеў, мүтәж халық қатламларын қоллап-қуўатлаў ҳәр бир ўатанласымызға мийрим-шәпәәт көрсетиў ийгиликли иске айланбақта.

Елимиздиң көп әсирлик байрамы болған Наўрыз тәбиятты, қоршаған орталықты көздиң қарашығындай сақлаў, қәстерлеў философиясын өзинде жәмлеген. Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен быйылғы жыл – “Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм «жасыл» экономика жылы” деп жәрияланды.

Үлкемиз бойлап «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңберинде «Бизден келешек әўладқа жасыл мәкан, жасыл бағ қалыўына белсене қатнасайық!» сүрени астында саяманлы ҳәм мийўели терек нәллерин егиў қызғын даўам етпекте.

Байрам салтанатларында түрли мәдений, миллий үрп-әдет, дәстүр ҳәм қәдириятларымызды көрсететуғын көргизбелер шөлкемлестирилип, байрамға сай ҳәр қыйлы безеўлер менен безелген сахналарда халық ойынлары ҳәм концерт бағдарламалары қойып берилди. Арқанда жүрген дәрўазълардың шәпиклиги, әткөншек тепкен қыз-жигитлердиң шадлы күлкиси адамларды өзлерине ерксиз тартады. Шынында да, ана тәбиятты сүйиў, ардақлаў, өмир гүлтажы болған инсанды қәдирлеў, Ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық сыяқлы идеяларды өзинде жәмлеген «Наўрыз» – халқымыздың ең әййемги байрамларының бири болып есапланады.

Байрам сейиллеринде халқымыздың нәзерине усынылған  фольклорлық ансамбльлердиң, көркем ҳәўескерлик жәмәәтлериниң, бақсылар менен жыраўлардың, көркем өнер шеберлери және эстрада қосықшыларының, сондай-ақ, балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеплериниң атқарыўындағы концерт бағдарламалары ҳәм сахналастырылған байрам тамашалары жыйналғанларға үлкен заўық бағышлады.

Наўрыздыӊ мәңгилик руўхы әсиресе, мәҳәллелер турмысында айқын көзге тасланады.

Ҳүрметли Президентимиз ҳәр бир шығып сөйлеўинде қыйтақ жерлер халқымыз ушын үлкен дәрамат дереги, бул еле иске қосылмаған имканият екенин атап өтеди. Бул бағдарда мәҳәллелер турғынлары мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатланатуғыны, атап айтқанда, қыйтақ жерде жетистирилетуғын өнимлерди сатып алатуғын, қайта ислейтуғын ҳәм экспорт ететуғын исбилерменлерге грант берилетуғыны айтып өтилди. Қарөзек районы Мәденият АПЖ турғыны Генжемурат Турдымуратов өзиниң үй алды қыйтақ жеринен 4 рет өним алып келмекте. Усындай мийнетлери инабатқа алынып, Президентимиздиң Пәрманы менен «Дўстлик» ордени менен сыйлықланғанын айрықша атап өтемиз.

Быйылғы Наўрыз байрамы пазыйлетли Рамазан айында болып өтип атырғаны оны және де пайызлы етпекте.

Халқымыз усы байрам кейпияты даўам етип атырған демлерде халқымыз уллы ата-бабаларымыздыӊ тилеклерине қосылып, елимиздиң тынышлығы ҳәм абаданлығы ушын нийет етпекте.

Байрам қуўанышлары рәңбәрең концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Әзелден жақсылыққа жаны қумар халқымыздың той-мерекелери спорт жарысларысыз өтпейди. Сол айтқандай быйылғы Наўрыз байрамында да халқымыздың миллий спорт ойынлары болған гүрес, арқан тартыс, тас көтериў, қошқар дүгистириў ҳәм заманагөй атамасы мас-рестлинг болған аўыз-еки тилде таяқты қолдан жулып тартып алыў бойынша беллесиўлер өткерилди.

Оған республикамыздың дерлик барлық қала ҳәм районларынан тысқары, қоңсылас Хорезм, Наўайы ҳәм Бухара ўәлаятларынан да күшли спортшылар қатнасып, өз шеберликлерин көрсетти.

Атап айтқанда, миллий гүрес бойынша жас өспиримлерге де гезек берилип, 26 кг салмақта Әмиўдәрья районынан Элбек Сапарбаев, 40, 50, 60 кг салмақта Нөкис қаласынан Баҳадыр Султамуратов, Искендер Полатов, Шерзад Медетбаевлар бириншиликти жеңип алған болса, 73 кг салмақта әмиўдәрьялы Нурбек Йулдашев Тахтакөпир районынан келген Әрман Сырғабаевты жеңип шығыўға миясар болды.

Ал, ең аўыр салмақта болса, бас байрақ ушын ақмаңғытлы Заҳириддин Зайтов кегейлиши Бахтияр Барлықбаевты упайлар есабында жеңип шығыўға миясар болды.

Қызлар арасында өткерилген беллесиўдиң финалында Тақыятас районы палўаны Жасмина Азатова кегейлиши Гүлзабийра Тилеўимбетованы жеңилиске ушыратты.

Мас-рестлинг бойынша жарыс болса, -80, +80 кг салмақ категориясы бойынша өткерилип, онда ең аўыр салмақта  Өзбекстан Бодибилдинг ҳәм фитнес федерациясының Қарақалпақстан бөлими хызметкери  Мийрас Мәмбетниязов нөкисли Бахыт Шуўақбаевты жеңип шығыўға миясар болды. Бул салмақ категориясында сыйлы үшинши орынды Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбия ҳәм спорт университети Нөкис филиалы студенти Расул Атажанов ийеледи.

80 кг салмақта өткерилген жарысларда нөкисли Еркебулан Қылышбаев әмиўдәрьялы Ағабек Сабировты жеңип, бас байрақ ийесине айланды.

Ал, сыйлы үшинши орын Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбия ҳәм спорт университети Нөкис филиалы студенти Ислам Балтабаевқа несип етти.

Халқымыздың ең қызығып тамашалайтуғын ойыны болған арқан тартыс бойынша өткерилген жарыста болса, Нөкис қаласындағы Гөне қала мәкан пуқаралар  жыйыны елатының жигитлери Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбия ҳәм спорт университети Нөкис филиалы спортшыларын оғада қыйыншылық пенен жеңип шығыўға миясар болды.

Қошқар дүгистириў бойынша жарыстың бас байрағы Нөкис қаласынан Элмурад Бабажановтың қошқары Нөкис районынан Дәўлетмурат Алламбергеновтың қошқарын жеңип шығыўға миясар болды.

Көп миллетли халқымыздыӊ тойы, байрамлары бир болып кеткен. Наўрыз да барлық миллет ҳәм халық ўәкиллериниӊ сүйикли байрамына айланған. Бүгин республикамызда ҳәр түрли миллет ҳәм халық ўәкиллери тыныш-татыў жасап, оныӊ раўажланыўына мүнәсип үлес қоспақта.

Байрам қатнасыўшылары миллий көргизбелерди ҳәм қосық-намаларды тамашалады. Түрли миллет ўәкиллери менен шын кеўилден сәўбетлесип, ийгиликли тилеклерин билдирди.

Наўрыз сейиллери республикамыздың барлық район ҳәм аўылларында даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

М.Ҳәбибуллаевтың түсирген сүўретлери