Атайы шарўалар ҳәм шабандозлар елаты болған Бозатаў районында «Қәдириятларың мәңги болсын, Наўрыз!» сүрени менен Наўрыз улыўмахалықлық байрамы көтериңки кейпиятта белгиленип өтилди.
Байрамның тийкарғы салтанаты өткерилген район орайында жайласқан Амфитеатрдағы мәресимде район ҳәкими Б.Уббиниязов аймақ халқын жасарыў ҳәм жаңаланыў әййямы болған-Наўрыз улыўмахалықлық байрамы менен қызғын қутлықлады ҳәм халық хожалығының барлық тараўларында ерисилген нәтийжелер, әмелге асырылған жумысларды айрықша атап өтти.
Байрам илажы республикамызға белгили көркем өнер шеберлери ҳәм районлық мәденият бөлими хызметкерлери тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен даўам етти.
Илаж даўамында миллий тағамлар, кийимлер ҳәм өнерментлердиң өнимлери, халқымыздың үрп-әдет, салт-дәстүрлерин өзинде сәўлелендирген көргизбелер шөлкемлестирилди.
Буннан соң халық сейилине уласқан байрам тамашалары район орайында миллий спорт ойынлары менен даўам етти. Онда миллий гүрес, арқан тартысыў бойынша жарыслар өткерилип, жеңимпазлар мүнәсип түрде сыйлықланды.
Әсиресе, Еркиндәрья аўыл пуқаралар жыйынының ат шабар майданында өткерилген ат шабыс ҳәм көкпар ойынлары оғада қызықлы өтти. Атап айтқанда, бул жарысларда шабандозлар 2, 5, 7 айлаўға ат шаптырып, өз-ара жарысты.
-Еки айлаўға өткерилген бәйгиде биринши орынды ийелеўге миясар болдым,-дейди Төрткүл елатының турғыны Ақназар Сейитбеков.-Ата-бабаларымыздан шынжырма-шынжыр киятырған шарўалар болғанлықтан халқымыздың миллий спорты болған ат шабыс, жорға ҳәм көкпар ойынларына оғада қызығаман. Тай шабыстан басқа жорға жарысына да ат қосып онда да бас байрақты жеңип алыўға миясар болды. Наўрызды усындай салтанатлы түрде өткерип атырған район ҳәкимлигине үлкен рахмет айтаман.
Атлар бәйгисиниң 5 айлаўында еркиндәрьялы Парахат шабандоз, 7 айлаўда ақмаңғытлы Нурахмед шабандозлардың атлары бас байрақты жеңип алыўға еристи.
Көкпар ойынының бас салымын шахаманлы Азамат Ережепов салып, шөлкемлестириўшилер тәрепинен бас байрақ пенен сыйлықланды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы