Байрам илажлары умытылмас тәсирлер қалдырды

416

Үлкемиздиң барлық аймақларында жасарыў ҳәм жаңаланыў байрамы болған Наўрыз улыўма халық байрамы «Қәдириятларың мәңги болсын, Наўрыз!» сүрени астында көтериңки руўхта өткерилмекте.

Беруний районында өткерилген байрамы илажы жыйналғанларда умытылмас тәсирлер қалдырды.

Салтанатлы илажды Беруний районы ҳәкими И.Хидиров ашып берди ҳәм район халқын байрам менен қызғын қутлықлады.

– Наўрыз бизди тәбият перзенти болып, Ўатан топырағын, ана жердеги ҳәр бир өсимликти көзимизге тотыя етип жасаўға үйретеди.

Наўрыз байрамы елимизде жасап атырған, миллети, тили ҳәм динине қарамастан, барлық ўатанласларымыз ушын улыўмахалықлық байрамға, ең сүйикли ҳәм қәдирли әййямға айланғаны менен шексиз мақтанамыз, – деп атап өтти ҳәким шығып сөйлеген сөзинде.

Беруний районында өткерилген байрам салтанатлары миллетлераралық татыўлықты сәўлелендирип, районда татыў жасап атырған 12 миллет ҳәм халық ўәкиллериниң миллий көринислерин сәўлелендиретуғын сейилге айланды.

Қара үйлер орнатылып, түрли миллет ўәкиллериниң үрп-әдетлери көрсетилди. Бәҳәр нәпесине үнлес қосықлар ҳәм аяқ ойынлар ҳәммеге байрам кейпиятын бағышлады,- дейди Беруний районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети бөлими баслығы А.Уразова.

Мушайра кешеси, китаплар көргизбеси, спорт ҳәм миллий ойынлар Наўрыз байрамына және де көтериңки руўх бағышлады.

Байрам соңында район ҳәкими И.Хидиров қатнасыўшыларды сыйлықлады.

Салтанатлы байрам илажлары аймақларда даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги