Өзбекстан ҳәм Қытай: стратегиялық бирге ислесиў байланыслары және де беккемленеди

291

Қытай Халық Республикасының Өзбекстандағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Юй Цзюнь басшылығындағы делегация Олий Мажлис Сенатына барды.

Сенат Баслығы Танзила Норбоева менен ушырасыўда Өзбекстан ҳәм Қытай арасындағы көп тәреплеме бирге ислесиў байланыслары стратегиялық дәрежеге көтерилгени айрықша атап өтилди.

Аймақлараралық байланыслар избе-из кеңейип атырғаны атап өтилди. Соның менен бирге, еки мәмлекеттиң жергиликли ўәкилликли уйымлары арасындағы сөйлесиўди және де раўажландырыў мәселелери додаланды.

Тәреплер экономика, инвестиция, билимлендириў, мәденият ҳәм туризм бағдарларында өз-ара бирге ислесиўди және де кеңейтиўге ҳәм парламентлераралық сөйлесиўди жеделлестириўге келисип алды.

2025-жыл 5-9-апрель күнлери Ташкент қаласында болып өтетуғын Парламентлераралық аўқамның 150-юбилей ассамблеясында Қытай парламенти делегациясының қатнасыўы бойынша пикир алысылды. Қытай тәрепиниң бул абырайлы илажға үлкен қызығыўшылық билдирип атырғаны еки мәмлекет арасындағы дослық байланысларының және бир айқын белгиси болып есапланады.

Бул ушырасыў Өзбекстан – Қытай стратегиялық шериклик қатнасықларын беккемлеў ҳәм және де раўажландырыў жолында әҳмийетли қәдем болып хызмет етеди.

Н.Абдураимова, ӨзА