Олий Мажлис Нызамшылық палатасы жанындағы Жаслар парламентиниң III шақырық сайлаўларына старт берилди

Олий Мажлис Нызамшылық палатасы жанындағы Илим, билимлендириў, мәденият, спорт ҳәм жаслар мәселелери комитети, Нызамшылық палатасының Жаслар мәселелери бойынша комиссиясы ҳәм Нызамшылық палатасы жанындағы Жаслар парламентиниң биргеликтеги мәжилиси болып өтти.
Мәжилисте Нызамшылық палатасы жанындағы Жаслар парламентиниң Режеси ҳәм Регламентине муўапық III шақырық сайлаўларына рәсмий түрде старт берилди. Олий Мажлис Нызамшылық палатасының 2025-жыл 26-февральдағы Кеңеси мәжилисиниң қарары менен Жаслар парламентиниң Режеси ҳәм Регламенти тастыйықланған еди.
Мәлим етилиўинше сайлаў 3 басқышта шөлкемлестириледи:
1-басқыш: Сиясий партияларды район (қала)лық шөлкемлерге арза менен мүрәжат етиў (онда Сиз туўылған жериңизден ҳүжжетлерди тапсырыўыңыз керек).
2-басқыш: Партиялардың Аймақлық комиссиялар сәўбетинде қатнасыў ҳәм олардың жуўмақлары тийкарында кейинги басқышқа жолламаны қолға киргизиў.
3-басқыш: Партиялардың Республикалық комиссиясы сәўбетинде қатнасыў ҳәм мүнәсиплер қатарында болыў.
Мағлыўмат ушын, әмелдеги регламентке бола, талабанлар 18 жасқа толған Өзбекстан Республикасы пуқаралары болыўы керек. Сондай-ақ, сайлаў күнине шекем мәмлекетимиздеги 5 сиясий партиялардан бириниң рәсмий ағзасы болыўы талап етиледи.
Зиёвуддин НУРИДДИНОВ, ӨзА