Бас прокуратура: жанылғы ҳәм энергия ресурсларын талан-тараж етиў жағдайларына жол қойылмайды

Халықты жанылғы ҳәм энергия ресурслары менен тәмийинлеў, бул бағдарда талан-тараж етиў жағдайларына жол қоймаў мақсетинде системалы жумыслар әмелге асырылмақта.
Усы мақсетте Жанылғы ҳәм энергия ресурсларынан пайдаланыў үстинен мәмлекетлик қадағалаўды нәтийжели шөлкемлестириў ҳәм муўапықластырыў бойынша Республика штабы жумыс ислемекте.

Бас прокуратурада усы штабтың гезектеги кеңейтилген мәжилиси Президент Администрациясы жуўапкер хызметкерлериниң қатнасыўында өткерилди.

Онда энергетика, ишки ислер ҳәм әдиллик министрликлери, департамент, салық комитети, Өзэнергоинспекция, «Миллий электр тармақлары», «Ыссылық электр станциялары», «Өзбнефтьгаз», «Өзтрансгаз», «Аймақлық электр тармақлары», «Аймақгазтәмийнат», «Өзбекгидроэнерго» жәмийетлери ҳәм олардың төменги структура басшылары және аймақлық ҳәм район (қала)лық штаб ағзалары қатнасты.
Бас прокурордың орынбасары Шоҳруҳ Аминовтың басшылығында өткерилген мәжилисте жанылғы ҳәм энергия ресурсларын талан-тараж етиў жағдайларының алдын алыў ҳәм энергоресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслардың жағдайы сын көзқараста додаланды.
Жуўапкерлерге энергияның нәтийжели қурылмаларынан кеңирек пайдаланылыўы тәмийинлеў, энергия ресурслары менен байланыслы ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў, энергия ресурсларының шығынларын азайтыў жумысларын мәҳәлле кесиминде шөлкемлестириў бағдарындағы жумысларды жеделлестириў бойынша көрсетпелер берилди.
Мәжилис жуўмағында жуўапкер министрлик ҳәм уйымлар ўәкиллериниң ҳәм аймақлардағы штаб ағзаларының түсиндириўлери ҳәм есаплары тыңланды.
Н.Абдураимова, ӨзА