Жаңа реформалар, жаңа табыслар, жаңа басламалар…

279

Президент пәрманы ҳәрекетте

Соңғы жылларда Президентимиз тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы ушын қабыл етилген қарар-пәрманлар тийкарында республикамыз бойлап, соның ишинде Тақыятас районында да кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Бундай ийгиликли жумыслардың әмелге асырылып атырғанлығы инсан мәпи барлық нәрседен үстин туратуғын елимизде пуқараларымыз турмысында өз сәўлелениўин таўып, пуқаралар өз өмиринде болып атырған өзгерислерден разы болмақта.



Президентимиздиң басламасы менен  мәҳәллелерде пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў, оларды кәмбағаллықтан шығарыў мақсетинде енгизилген Сайхунабад, Үйши, Зарбдор, Ғиждиўан тәжирийбелери арқалы  2024-жылда 2844 жаңа жумыс орны жаратылды. Районда “Сайхунабад” тәжирийбеси бойынша 472 пуқара, “Үйши” тәжирийбеси бойынша 2 014 пуқара, “Зарбдор” тәжирийбеси бойынша 18,  “Ғижиўан” тәжирийбеси бойынша 125 пуқараның бәнтлиги тәмийинленди.

Буннан басқада пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў бағдарында, бүгинги күн жағдайына бола 1041 пуқараға 13,2 млрд  сумнан артық жеңиллетилген кредит қаржылары берилди. Буның нәтийжесинде пуқаралар өзиниң бәнтлигин тәмийинлеп, қосымша дәрамат табыў имканияты жаратылмақта.

Мәҳәлле жетилиги тәрепинен алып барылып атырған жумыслар ҳаққында  бириншиден үйме-үй жүрип хатлаў өткерилип, ҳәр бир үйге кирип барып, бир шаңарақты ҳәр тәреплеме үйрениўи нәтийжесинде 2735 пуқара жумыс пенен бәнт болды. 1180 нен асламы үйинде өзин-өзи бәнт етти. Бунда пуқаралар таўық бағыў, қыйтақ жер менен шуғылланыў арқалы  шаңарағына қосымша дәрамат киргизбекте.

-Гүл дүканымызға дәслеп сырттан буйыртпа тийкарында гүллерди алдыратуғын едик. Соң өмирлик жолдасым менен ойласып, банктен жеңиллетилген кредит алып, үй қапталы қыйтақ жеримизден ыссыхана қурып гүллерди өзлеримиз егип, жетистирип, гүл дүканымызда сата басладық. Ҳәзирги ўақытта ыссыханамызда гүллердиң 15 тен аслам түри бар. Тийкарынан роза гүлиниң үш түрин жетистирип атырмыз. Лимон, қурма дарағымыз да мийўе бериў алдында тур.  Дәраматымыз жақсы. Бир күнлик дәраматымыз 700, 800 мың сумды қурайды,-дейди Дильназа Муратова.

Жаңа исбилерменлик субъектлери де жаратылған болып, бүгинги күн жағдайына бола, 320 исбилерменлик субъекти шөлкемлестирилди. Бул орынларда да қосымша жумыс орынларының пайда болыўы негизинде  бәнтлиги тәмийинленбеген пуқаралар жумыс пенен бәнт болды. Районда пуқараларды социаллық жақтан  қоллап-куўатлаў бағдарында да кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

Буннан тысқары Министрлер Кабинетиниң 2023-жыл  13-июльдеги  қарары тийкарында мәҳәллелер инфраструктурасын жақсылаў мақсетинде Тақыятас районындағы 14 мәҳәллеге ­­­­­­­­­7 млрд  сум қаржы ажыратылды. Усы  қаржылар есабынан жоллар, ишимлик суўы, түнги жақтыландырыў шырақлары, пиядалар жолы ҳәм басқа да пуқаралардың күнделикли турмысында машқалаға айланып турған мәселелер сапластырылды.  Районда ҳәр бир тараў бойынша инвестициалық жойбарлар бар болып, булар бойынша да кең көлемли жумыслар әмелге асырылып атыр. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 18-сентябрь күнги  Ислам раўажланыў банки ҳәм ОПЕК қоры есабынан 44,6 млрд сумлық 9 объектте қурылыс жумыслары басланды. Соннан, 2 мектеп,
2 мәҳәлле орайы, 5 бақшада қурылыс жумыслары басланып,  нәтийжели даўам етпекте.

«Нурлы келешек» АПЖ Тақыятас районының ең шетки аймақларының бири.  Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 18-сентябрдеги «Ислам  раўажланыў банки ҳәм ОПЕК халықаралық раўажланыў қорының қатнасыўында» Аўыллық жерлерди турақлы раўажландырыў» жойбарын әмелге асырыў илажлары ҳаққында» ғы қарары тийкарында 90 орынлық мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси  имараты жаңадан қурылмақта.  Балалар бақшасы имараты еки қабаттан ибарат болып, «Нөкис еркин қурылыс» ЖШЖ тәрепинен қурылмақта.

-Аўылымызда бурын балалар бақшасы жоқ еди. Мине балалар бақшасы қурылып атырғанынан шексиз қуўанышлымыз. Қурылыс ислери жақсы алып барылып атыр. Бул ушын басшыларымызға, қурылысшыларымызға миннетдармыз,-дейди аўыл турғыны  А.Хожаниязов

Инвестиция жойбары тийкарында усы жылы жаңадан қурылған 2 объект пайдаланыўға тапсырылып атыр. “Кенегес” АПЖда 120 орынлық (ажыратылған қаржы 6,3 млрд) мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми, “Дослық” МПЖ да Жынайы ислер бойынша суд имараты (ажыратылған қаржы 6,9 млрд) пайдаланыўға тапсырылды. Районда мәмлекетлик, жергиликли ҳәм ишки жоллар 472 км болып, 2017-2023-жылларда 31 км жоллар асфальтланды. 175 км топырақ жоллар қум-шағыл тас араласпасы жайғызылды. Соннан, 2024-жылда 3,1 млрд сум қаржы есабынан район аймағында 22 км жолға қум-шағыл тас араласпасын жайыў жумыслары әмелге асырылды. 800 млн сум қаржы есабынан 1 км ишки жоллар асфальтланды.

Район газ тармақлары кәрханасы есабында 317 км газ тармағы, 148 дана газ бөлистириў пунктлери болып, гүзги-қысқы мәўсимге таярлық көриў ушын барлық газ бөлистириў пунктлери толық тексериўден өткерилди ҳәм 5,5 км газ тармақлары реконструкцияланды, 16 км электр узатыў линиялары заманагөй СИП маркалы кабел менен тартылды, 4 дана трансформатор пункти, жәми 303 дана темир бетон бағаналары орнатылды. Буның нәтийжесинде пуқаралар өз турмысынан миннетдар болып жасамақта.

Районда жасаўшы 77 мыңнан аслам  халықтың  саны жылдан жылға артып бармақта. Балаларды балалар бақшасына қамтыў район бойлап 76 процентке  жетти. Районда 18 бақша мәмлекетлик,  5 бақша меншик- шериклик тийкарында ашылған, 13 шаңарақлық балалар бақшалары, 22 мектеп, 1 қәнигелистирилген мектеп  бар. Жаңа инвестициялық жойбарлар тийкарында районда жаңа мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери ҳәм  мектеплердиң қурылыс жумыслары әмелге асырылып атыр.

Районда хызмет көрсетиў тараўында  291,4 млрд сўмлық хызметлер көрсетилген болса, қурылыста да салмақлы жумыслар әмелге асырылып, соңғы 11 айда  237 млрд сумлық көлемдеги жумыслар әмелге асырылды.

Буннан тысқары,  Президентимиз тәрепинен тек қана Қарақалпақстан Республикасы ушын қабыл етилген қарар ҳәм пәрманлар нәтийжесинде пуқараларды көп ўақыттан берли қыйнап киятырған машқалаларға шешим табылды. Районда 459 пуқараның турақ жайына  кадастр ҳүжжетлери берилди, 500 ден зыят пуқараның турақ жайының төбеси шиферланып берилди.

-Жайымыздың төбесинен жаўын өтип, қыйналып қалатуғын едик. Ҳүкиметимиз тәрепинен жәрдем берилип, жайымыздың төбеси шиферланып берилди. Буның ушын Президентимизге миннетдаршылығымыз шексиз,-дейди Найманкөл АПЖ турғыны Б.Аширова.

Мәмлекетимизде жумыссыз жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша алып барылып атырған илажлар  Тақыятас районында да өз көринисин таппақта.  Жақында ғана район жасларының бәнтлигин тәмийинлеў ушын 30 жасқа 330 нәсилли қоянлар субсидия тийкарында тапсырылды. Ҳәр бир жасқа 11 бас қояннан берилип ғана қоймастан, бул қоянлар ушын арнаўлы кетеклер ҳәм бир айлық өнимлери менен тапсырылды.

-Мәмлекетимизде жаслар ушын кең көлемли имканиятлар жаратылмақта. Жаслар ислери агентлиги тәрепинен бизлерге субсидия тийкарында қоянлар берилди. Мине ҳәзир үйде қоянларды бағыў менен шуғылланып атырман. Шығыны аз, тез көбейетуғын жәниўардан алдағы ўақытларда шаңарағымызға қосымша дәрамат табыўды нийет етип отырман,-дейди Нургелди Мередов.

Үлкемизге бәҳәр, жаңаланыў мәўсими кирип келиўи менен районда кең көлемли абаданластырыў, көклемзарластырыў жумыслары басланып, орынларда бул илажлар қызғын алып барылмақта. Экологиямызға   “Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм  “жасыл” экономика” жылында үлкен басламалар, кең көлемли илажларға үлес қосыўға бел байлаған жерлеслеримиз қатарында тақыятаслылыр да үлкен үлес қоспақта.  Ҳәзирги ўақытта  районда кең көлемли абаданластырыў, көклемзарластырыў жумыслары басланып, орынларда бул илажлар қызғын алып барылмақта. “Ҳәр күниңиз Наўрыз болсын!” деген ата-бабаларымыздың жақсы тилеги менен басланған Наўрыз байрамы район турғынларының  жүзлеринде қуўанышлы кейпият пенен  белгиленип,  даўам етпекте.



Г.Турдышова, Қарақалпақстан  хабар агентлиги