Жаңа нызам жойбары додаланбақта

320

Мүнәсибет

Ҳәр қандай мәмлекеттиң турақлы раўажланыўы, пуқаралық жәмийети институтларының еркин ҳәм нәтийжели жумыс алып барыўына байланыслы. Жаңа Өзбекстан шараятында бул бағдарда алып барылып атырған сиясат мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер, жәмийетлик бирлеспелер ҳәм пуқаралық жәмийети институтларының мәмлекетлик басқарыўдағы ролин арттырыўға қаратылған.

Кейинги жылларда ҳүрметли Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң абырайлы халықаралық минберлердеги баянатларында, жәмийетшилик ўәкиллери менен алып барып атырған ашық сөйлесиўлеринде Өзбекстандағы жаңа мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң жумысына айрықша итибар қаратылмақта.

Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер әҳмийетли мәселелерди шешиўде айрықша орынға ийе. Олар мәмлекетлик структуралар ҳәм жәмийет арасында “көпир” ўазыйпасын атқарады.

“Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында”ғы нызам жойбары пуқаралық жәмийети институтларын раўажландырыўға қаратылған. Ҳүжжет Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң жумысы, олардың ҳуқықый қорғалыўын күшейтиў ҳәм ҳәкимшилик жәриймаларды қайта көрип шығыў бойынша бир қатар өзгерислерди нәзерде тутады.

Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң жумыс еркинлигин беккемлеў, жәмийетлик қадағалаўдың тәсиршеңлигин арттырыўға қаратылған нызам жойбарына бола, мәмлекетлик уйымлардың лаўазымлы шахслары тәрепинен мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң жумысына нызамға қайшы түрде араласқан ушын лаўазымлы шахсларға ҳәкимшилик жуўапкершилик белгиленбекте.

Соның менен бирге, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң жумысын буннан былай да қоллап-қуўатлаў мақсетинде, бул тараўдағы айырым ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлар ушын жәрийма муғдарлары сезилерли дәрежеде азайтылмақта.

Ендигиден былай, Пуқаралық жәмийети институтлары тәрепинен жәмийетлик қадағалаўдың жуўмағы бойынша таярланған ҳүжжет 1 (бир) ай ишинде мәжбүрий көрип шығылады. Усы мүддетте көрип шықпаған лаўазымлы шахслар ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартылады.

Сондай-ақ, жаңа нызам бойынша алдаўшылық ямаса талан-таражлық жынаяты ушын судланғанлар жәмәәт фондын аша алмайды.

Ҳәр бир грант ҳәм жойбар ҳаққында жәмийетшиликке мағлыўматлар берип барылады.

Бул нызам жойбары менен “Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ҳаққында”ғы, “Жәмийетлик фондлар ҳаққында”ғы, “Жәмийетлик қадағалаў ҳаққында”ғы ҳәм “Мәмлекетлик бажы ҳаққында”ғы нызамларға және Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы ҳәм Салық кодекслерине қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизиў режелестирилмекте.

Улыўма алғанда, нызам жойбарында мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң ҳуқықлары менен мәплерине байланыслы жақсы усыныслар бар. Келешекте орынларда мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди кеңнен тартқан ҳалда нызам жойбарын додалаў ҳәм оны буннан былай да жетилистириўге хызмет ететуғын усыныслар алыў режелестирилген.

Бул нызам мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди мәмлекет тәрепинен және де қоллап-қуўатлаўға, олардың жумысының еркинлиги, ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплериниң қорғалыўын тәмийинлеўге, ашық-айдынлығын арттырыўға ҳәм бул тараўда ҳуқықты қолланыўдың бирден-бир әмелиятын жолға қойыўға хызмет етеди.

Т.Романов,

“Юксалиш” ҳәрекети

Қарақалпақстан Республикасы

аймақлық бөлими баслығы  

Қарақалпақстан хабар агентлиги