Жат идеяларға қарсы үгит-нәсият илажы өткерилди

281

«Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм «жасыл» экономика жылы» Мәмлекетлик бағдарламасының мазмун-мәнисин халық, әсиресе, жасларымыз арасында кеңнен үгит-нәсиятлаў мақсетинде Төрткүл районы «Янгиабад» ҳәм «Мустақыллық» мәкан пуқаралар жыйынларында мәҳәллер турғынлары тәрепинен келип түскен усыныс ҳәм мүрәжатлер тийкарында мәҳәлле белсендилери, көше бийлери, мәҳәллеге бириктирилген ҳаял-қызлар мәсләҳәтшисиниң қатнасыўында үгит-нәсият илажы өткерилди, деп мағлыўмат береди Төрткүл районы мәлимлеме хызмети бөлими.

Илажда жаслар арасында ҳәр қыйлы жат идеяларға, соның ишинде, экстремизм, терроризм, нәшебентлик ҳәм басқа иллетлерге қарсы идеологиялық имминитетти және де күшейтиўге қаратылған комплексли илажларды әмелге асырыў бойынша усыныслар берилди.

Сондай-ақ, той-мерекелерди ықшамластырыў, артықша салтанатқа шек қойыў, пуқараралар арасында рәсмий емес шәрий некелердиң алдын алыў, бундай жағдайлардың унамсыз ақыбетлери ҳаққында атап өтилди.


Бул илажлардан гөзленген мақсет – халықтың социаллық ҳәм мәдений мәселелер туўралы хабардарлығын арттырыў, жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеўден ибарат.

Пуқаралар өзлерин қызықтырған сораўларына жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги