Тәрбияланыўшыларға байрам саўғалары тапсырылды

Елимизге бәҳәр мәўсими кирип келиўи менен жаңаланыў ҳәм жасарыў байрамы – Наўрыз кең түрде белгиленеди.
Нөкис қаласындағы майыплығы болған ҳаял-қызлар “Мүриўбет” интернат үйинде “Қәдириятларың мәңги болсын, Наўрыз!” сүрени астында байрам илажы шөлкемлестирилди.
Қуяшлы ашық аспан астында өткерилген илаж өзгеше дәрежеде болып өтти. Миллий қәдириятларымыз, дәстүрлеримизди өзинде жәмлеген көркем шығыўлар ҳәм қосықлар байрам қатнасыўшыларына көтериңки кейпият бағышлады. Бул жерде жасаўшы ҳаял-қызлардың қолынан дөретилген миллий кийим ҳәм тоқымалар, сондай-ақ, миллий тағамлар көргизбеси шөлкемлестирилди.




Илажда Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасының басшылары ҳәм жуўапкер хызметкерлери де қатнасып, усы жерде тәрбияланып атырғанларды бәҳәр байрамы менен қызғын қутлықлап, тәрбияланыўшыларға байрам саўғалары тапсырылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги