Рамазан айы пазыйлетли ай

Шынында да, инсан қәлбине жол мийрим-шәпәәттен басланады.
Елимизде инсан қәдири, оның ҳуқықлары менен еркинликлерин тәмийинлеў, социаллық қоллап-қуўатлаўға мүтәж пуқараларға ғамқорлық көрсетиў мәмлекетлик сиясаттың баслы бағдарларының бирине айланған.
Бул бағдарда барлық пуқараларымыз сыяқлы имканияты шекленген инсанларға итибар ҳәм әмелий жәрдем көрсетиў, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға айрықша кеўил бөлинбекте.
Қарақақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутатлары тәрепинен улыўма халықлық “Наўрыз” байрамы ҳәм Рамазан айы мүнәсибети менен Шоманай районындағы социаллық қорғаўға мүтәж 40 шаңараққа байрам саўғалары тапсырылды.
Бул қайырқомлық илаж Рамазан айының пазыйлетинен нәтийжели пайдаланыў, мүтәжлерге жәрдем бериў ҳәм оларды қуўандырыў мақсетинде шөлкемлестирилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги