Судлар шын мәниде “әдиллик қорғаны”на айланбақта

286

Бүгин жедел өзгерип атырған дүньядағы әҳмийетли мәселелердиң бири болған коррупцияның алдын алыў ҳәм оған қарсы гүресиў мәселесине, мәмлекетимиз сиясатының ең үстин туратуғын бағдарларының бири ретинде айрықша итибар қаратылмақта.

Мәмлекетимизде коррупцияға қарсы гүресиў саласында избе-из мәмлекетлик сиясат алып барылмақта. Оның тийкарғы бағдарларының бири суд системасында ашық-айдынлық ҳәм әдилликти тәмийинлеў болып табылады.

Суд уйымларындағы коррупция пуқаралардың мәмлекетке болған исенимин жоғалтып, инсан ҳуқықларының системалы түрде бузылыўына тийкар жаратады.

Қарақалпақстан Республикасы суды ҳәм Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик суды биргеликте коррупцияға қарсы гүресиў мәселелерине бағышлап өткерген мәжилисте де усы мәселелер додаланды.

Қарақалпақстандағы барлық судьялар ҳәм система хызметкерлери қатнасыўындағы усы конфренция алдында, Президентимиздиң усы жыл 5-март күни Коррупцияға қарсы гүресиў бойынша миллий кеңес мәжилисинде сөйлеген сөзи ҳәм усы мәжилиске арналған көрсетиў қойып берилди. Соң, Қарақалпақстан Республикасы суды баслығы К.Тарихов ҳәм Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик суды баслығы А.Нурлипесовлар мәмлекетимизде коррупцияға қарсы гүресиў бойынша белгилеп берилген ўазыйпалардың мазмун-мәниси, мақсети ҳәм жәмийетимизди раўажландырыўдағы әҳмийети ҳаққында ҳәр тәреплеме пикир билдирди. Ҳуқықый, демократиялық мәмлекет қурып атырған мәмлекетимизде бул иллетке шек қойыў нызам үстинлиги ҳәм ҳәммениң теңлиги ҳәм жуўапкершилиги, мәмлекеттиң раўажланыўында зәрүр фактор болыўын белгилейди. Бул процесс судты анық әдиллик қорғанына айландырыў, пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаўда судьяларға үлкен жуўапкершилик жүклейтуғынлығын атап өтти.

Соның менен бирге, илажда судьялар ҳәм система хызметкерлери де шығып сөйлеп, Президентимиздиң сөзинен келип шығып, зәрүр ўазыйпалар, коррупцияға қарсы гүресиў бойынша әмелге асырылыўы керек болған жумысларды додалап, анық илажлар белгилеп алынды.

Коррупцияға қарсы гүресиў бойынша миллий кеңес мәжилисинен соң Жоқары суд баслығы Б.Исламов мәмлекетимиздеги барлық судьялар корпусы ҳәм суд хызметкерлерине мүрәжат жоллаған еди. Илажда усы мүрәжат те ҳәр тәреплеме үйренип шығылды.

Мүрәжатттен келип шығып суд системасында коррупцияның алдын алыў бойынша белгилеп берилген әҳмийетли ўазыйпалар, усы процессте судьялар ҳәм система хызметкерлериниң роли, бул иллетке қарсы гүресиўдиң актуал механизмлери туўралы пикир алысты. Оған қарсы гүресиў бойынша тийисли илажлар белгилеп алынды.

 Гулайым Ганиева,

 Қарақалпақстан Республикасы судының бас консультанты.

 Қарақалпақстан хабар агентлиги