Наўрыз сейиллери тамашаларға бай болмақта

Халқымыздың жүрегине ең жақын байрамлардың бири болған Наўрыз байрамы республикамыздың басқа аймақларында болғаны сыяқлы, тарийхый бес қаланың бири болған Шымбайда районында да оғада кеўилли түрде белгиленди.
Елимиздиң ески тарийхы, бай мәденияты ҳәм бийбаҳа қәдириятларын өзинде жәмлеген бул байрамға кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасып, Наўрыз тамашаларының рәңбәрең ҳәм мазмунлы өтиўине өзлериниң үлеслерин қосты.
Байрамның тийкарғы салтанаты болып өткен қала орайындағы Амфитеатрда район ҳәкими Айбек Тажетдинов аймақ халқын Наўрыз байрамы менен қутлықлап, елимизге өзиниң ең жақсы тилеклерин билдирди.
Соңынан республикамызға белгили көркем өнер шеберлери, Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеби тәрбияланыўшылары ҳәм халық талантлыларының атқарыўында театрластырылыған концерт бағдарламасы жыйналғанлардың нәзерине усынылып, бул илаж қатнасыўшыларына өзгеше заўық бағышлады.

Соның менен бирге, байрамда халқымыздың миллий қол өнери буйымлары, тағамлары, салт-дәстүрлери көргизбеси шөлкемлестирилип, ең жақсы таярланған көргизбелер район ҳәкимлиги тәрепинен мүнәсип түрде хошаметленди.
Сондай-ақ, Наўрыз байрамы мүнәсибети менен Тағжап аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы ат шабар майданында халқымыздың миллий спорт ойынлары болған ат шабыс, миллий гүрес, арқан тартыс, қошқар дүгистириў ҳәм қораз урыстырыў бойынша жарыслар өткерилип, жарыс жеңимпазлары шөлкемлестириўшилер тәрепинен сыйлықланды.







-Арқан тартысыў жарысында финалға шекем жетип келип, бас байрақ ушын беллесиўде Пәшенттаў елатының жигитлерин жеңип шығыўға миясар болдық,-дейди Қызылөзек аўыл пуқаралар жыйыны командасы ағзасы Сайлаўбай Сапарниязов.-Бул жеңис бизлерден бетер аўылымыз турғынларын шексиз қуўанышқа бөледи. Себеби, командамыз ушын биринши гезекте елдиң абырайы жоқары турады.
Наўрыз сейиллери бүгинги күни Шымбай районының барлық аймақлары бойлап кең түрде болып өтпекте.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы