Бирге ислесиў, турақлы раўажланыў мәселелери додаланды

277

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде “Химия ҳәм азық-аўқат технологиялары бағдарында заманагөй илимий-технологиялық ҳәм билимлендириў бирге ислесиў, турақлы раўажланыў” атамасында халықаралық конференция болып өтти.

Онда Өзбекстан Илимлер академиясының президенти Ш.Аюпов, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы М.Атамуратов, сырт мәмлекетлерден илимпазлар, қәнигелер ҳәм билимлендириў тараўының ўәкиллери қатнасты.

Конференцияны ӨзР ИА академиги, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң ректоры А.Реймов алып барды.

Конференцияда тийкарғы итибар экономиканың глобалласыўы шараятында өндирис тараўы кәрханаларының әҳмийетли машқалалары ҳәм оларды шешиў жоллары, бул бағдардағы халықаралық тәжирийбени үйрениў, шериклик қатнасықларын жолға қойыў, қәбилетли жаслардың инновациялық идеялары менен қолланбаларын илимий тийкарлаў, сондай-ақ, илимий қолланбалардың нәтийжелерин халықаралық стандартларға жуўап беретуғын инновациялық усыллар ҳәм технологияларды қолланыў арқалы өндиристиң тийисли тармақларында нәтийжели пайдаланыў илим тараўларында изертлеўлер алып барыўдың әҳмийетли мақсети екенлиги атап өтилди.

Буннан соң, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы М.Атамуратов, Өзбекстан Илимлер академиясының президенти Ш.Аюповлар  шығып сөйлеп, Президентимиз тәрепинен илим тараўына ҳәм бул тараўда жумыс алып барып атырған илимпазларға көрсетилип атырған айрықша итибар ҳәм ғамқорлық нәтийжесинде бүгинги күнде республикамыздың барлық бағдарларда турақлы раўажланыўына хызмет ете алатуғын илимий кадрлар ҳәм илимий инновациялардың саны артып атырғанын атап өтип, конференция жумысларына табыслар тиледи.

Конференцияның тийкарғы мақсети – химия ҳәм азық-аўқат технологиялары тараўында жаңа илимий қолланбаларды, инновациялық технологияларды ҳәм оларды әмелиятқа енгизиў усылларын додалаў болып есапланады. Сондай-ақ, бул илажда тараў бойынша турақлы раўажланыўды тәмийинлеў, экологиялық таза технологияларды енгизиў ҳәм өндирис процесслеринде ресурсларды үнемлеўге байланыслы мәселелер де көрип шығылды.

Атап өтилгениндей, соңғы жылларда мәмлекетимизде химия ҳәм азық-аўқат санааты мәмлекетимиз экономикасының тийкарғы бағдарларынан бири болған әҳмийетли тармақларға айланды. Себеби, бул тараўларда бир қатар реформалар кең көлемде әмелге асырылып, экономикалық жумыста өндирис ҳәм азық-аўқат өнимлериниң орны менен ролин арттырыў, халықтың абаданлығын тәмийинлеў бойынша әҳмийетли илажлар әмелге асырылмақта.

Конференция жумыслары даўам етип, сырт еллерден келген илимпазлар, қәнигелер ҳәм билимлендириў тараўының ўәкиллери тараўдың әҳмийетли мәселелери, жаңа илимий жетискенликлер, технологиялық жаңалықлар ҳәм турақлы раўажланыў перспективалары ҳаққында баянатлар жасады.

Конференция күнниң екинши ярымында, секцияларда өз жумысларын даўам етти. Онда химия ҳәм азық-аўқат технологиялары тараўындағы инновациялар, илимий-изертлеў жумыслары ҳәм әмелий шешимлер ҳаққында терең пикирлесиўлер өткерилди. Халықаралық конференцияның мақсети – глобал көлемде тараўда илимий бирге ислесиўди раўажландырыў, жаңа билим ҳәм тәжирийбе алмасыў, турақлы раўажланыў бағдарында жаңа имканиятлар жаратыў болып есапланады. Илаж, сондай-ақ, университеттиң илимий потенциалын арттырыў ҳәм халықаралық көлемде илимий изертлеўлерди нәтийжели түрде алып барыў перспективаларын көрсетти.

Қатнасыўшылар конференцияның жоқары дәрежеде шөлкемлестирилгенин, баянатлар ҳәм секцияларда алып барылған додалаўлар нәтийжели болғанын атап өтти. Бундай илажлар билимлендириў ҳәм илим тараўындағы өз-ара бирге ислесиўди күшейтиў, жаңа технологиялар ҳәм илимий жетискенликлерди әмелиятқа енгизиўде әҳмийетли орын ийелейди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги