Көркем өнер инсанларды жақсылыққа шақырады

Мен театрға тез-тезден барып тураман, себеби театр адамның руўхый және мәдений раўажланыўы ушын жүдә әҳмийетли.
Бирақ бул ҳәр кимниң жекке пикири. Егер сен театрдан ләззет алсаң, пьесалар, спектакльлерди көрип, актёрлардың өнерин баҳалағың келсе, онда тез-тезден театрға барыў – бул жақсы идея. Театр сана-сезимди кеңейтеди, эмоцияңа, өмирди тереңирек сезиниўге жәрдем береди, және журналист сыпатында шығарма дөретиўге тәсир етиўи мүмкин.
Инсанның руўхый дүньясын көтериўде, ой-пикирин тереңлестириўде театр көркем өнериниң орны үлкен. Себеби, көркем өнер адамларды жақсылыққа шақырады, ең гөззал сезимлерди саўға етеди. Театр жайша айтқанда әпиўайы тамашахана емес, ал тәрбия, мәденият, руўхыйлық ҳәм билим мәканы болып табылады.
1961-жылы ЮНЕСКО жанындағы Халықаралық театр институты тәрепинен Австрияның Вена қаласында болып өткен конгрессте 27-март – Халықаралық театр күни деп белгиленген болып, бүгинги күнде дүньяның 100 ден аслам мәмлекетлеринде бул сәне, театр көркем өнери хызметкерлериниң кәсиплик байрамы ретинде кеңнен белгиленбекте. Президентимиздиң басламасы менен мәмлекетимизде де мәденият ҳәм көркем өнерди, атап айтқанда театрды раўажландырыў мәмлекетимиздиң әҳмийетли ўазыйпаларынан бирине айланды.
Театр бар екен, турмыс гөззал. Театр дегенде, ең дәслеп, көркем өнердиң үлкен бир түрин түсиниў керек. Соның менен бирге, театр, бул – тамаша, спектакьлдиң өзи. Дөретиўшилер инсан кеўилиниң инженерлери болып табылады.
Ҳақыйқаттан да, театр турмыс айнасы, мүқаддес дәргай есапланады. Оның тәрбияға бағдарланған сабақлары инсанларды адамгершиликке шақырады.

Театр көркем өнери ҳеш қашан ескирмейди. Инсан қаншелли телефон, интернет ҳәм компьютер сыяқлы мәлимлеме технологияларына үйренген болса да, бәрибир руўхыйлық дәргайы ретинде өрнек болатуғын театрдың орны басқа. Сонлықтан, биз халқымызды, әсиресе, жасларды театрға кеңирек тартыўымыз керек.
Улдаўлет Шражатдинова,
Бердақ атындағы Қарақалапақ мәмлекетлик университети қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультети 4-курс студенти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги