Ислеп шығарыўшыларды қоллап-қуўатлаўға итибар күшейтиледи

256

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети «Корпоратив буйыртпашылардың исбилерменлик субъектлери менен корпорация байланысларын орнатыўы ҳәм мәмлекетлик сатып алыўлар процесинде ислеп шығарыўшыларды қоллап-қуўатлаў илажлары ҳаққында»ғы қарар қабыл етти.

Оған муўапық, Корпоратив буйыртпашылардың исбилерменлик субъектлери менен кооперациялық байланысларды орнатыў ҳәм бул процессте мәмлекетлик сатып алыўларды әмелге асырыў тәртиби ҳаққындағы реже тастыйықланды.

Режеде:

корпоратив буйыртпашылар тәрепинен импорт етилиўи режелестирилген өнимлер дизимин қәлиплестириў ҳәм жәриялаў;

кооперациялық байланысларды орнатыў ушын исбилерменлик субъектлериниң усынысларын қабыллаў тәртиби ҳәм оларды баҳалаў нормаларын белгилеў;

исбилерменлик субъекти менен кооперациялық байланысларды орнатыў бойынша келисим дүзиў;

кооперациялық байланысларды орнатқан исбилерменлердиң өнимлерин мәмлекетлик буйыртпашыларға сатыў имканиятларын жаратыў тәртиплери белгилеп берилген.

Қарарға бола, «Киши бизнеске жәрдемлесиў орайы» ЖШЖ киши исбилерменлик субъектлерине кооперациялық байланысларды орнатыў бойынша бизнес жойбарларын ислеп шығыўға жәрдемлеседи. Кооперациялық байланысларды орнатыў ушын мәмлекетлик сатып алыўлар бойынша арнаўлы мәлимлеме порталында ашылған айрықша бетке зәрүр болған мағлыўматлар интеграцияланады.

Ең жақсы усынысларды таңлаў ҳәм тендер саўдаларында (корпоратив буйыртпашылар тәрепинен коммерциялық мақсетлерди қайта сатыў ямаса усы мақсетлерде товарлардан өндиристе пайдаланыў ушын әмелге асырылатуғын мәмлекетлик сатып алыўлардан тысқары) ислеп шығарыўшылардың усынысларын баҳалаўда «балл усылы»нан пайдаланғанда оларға қосымша балл бериў системасы енгизиледи.

Мағлыўмат ушын. Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Өзбекстан Республикасы Президентиниң исбилерменлер менен төртинши ашық сөйлесиўинде белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыў илажлары ҳаққында»ғы 2024-жыл 30-августтағы ПП-132-санлы пәрманына муўапық:

жаңа түрдеги өнимлерди ислеп шығарыўды жолға қойыў мақсетинде исбилерменлик субъектлери менен кооперациялық байланысларды орнатыў арқалы кепилленген түрде сатып алыўдың заманагөй системасын енгизиў;

мәмлекетлик сатып алыўларды әмелге асырыўда товардың өзлестириў дәрежесинен келип шығып, ислеп шығарыўшыларды қоллап-қуўатлаў системасын жолға қойыў белгиленген еди.

ӨзА