Сырт ел тәжирийбелери үйренилмекте

2025-жылдың 11-14-март күнлери Россия Федерациясы Монополияға қарсы гүресиў федерал хызметиниң Қазан қаласындағы Оқыў-методикалық орайында “Фармацевтика базарларында бәсекиликти раўажландырыў” атамасында дөгерек сәўбети өткерилди.
Сәўбетте Қарақалпақстан Республикасы Бәсекиликти раўажландырыў ҳәм тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў комитетиниң ўәкиллери қатнасып, республикамызда мәмлекетлик сатып алыўлар ҳәм сатыўлар тараўында бәсекиликке қарсы ҳәрекетлерди сапластырыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында мағлыўмат берди.

Соның менен бирге, республикамыз ўәкиллери “Раўажланып атырған мәмлекетлер ушын биоаналоглардан пайдаланыў имканиятын тәмийинлеў” атамасында фармацевтика базарларында бәсекилик машқалаларын үйрениў бойынша БРИКС жумысшы топарының мәжилисинде де қатнасып, бул бойынша сырт еллердиң тәжирийбелерин үйренип қайтты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги