Алдаўшылар тәрепинен Телеграмм мессенджери арқалы Орайлық банк рәмзий белгилери сәўлелендирилген өтирик профиллерден қәлбеки гүўалық ҳәм ҳүжжетлердиң сүўретлерин жибериў жағдайларын Орайлық банк мәлимлеме хызмети бийкарлады.

«Пуқараларымыз өтирик хабарларға алданып, алдаўшыларға өзиниң шахсқа байланыслы ҳәм банк карта мағлыўматлары ҳәм бир мәртелик тастыйықлаў кодларын (ОТР) бериўи, сондай-ақ, телефон қурылмасына зыянлы қосымшаларды орнатыўы нәтийжесинде банк карталарындағы қаржыларынан айырылып қалмақта.



Усы мүнәсибет пенен жоқарыда көрсетилген өтирик профиллерден хабарлар келсе, сөйлеспеў, жиберилген гүманлы қосымшаларды баспаў, зыянлы (АРК) қосымшаларды телефонға орнатпаў ҳәм бул пайдаланыўшыны «блоклап қойыў» усыныс етиледи.

Орайлық банк усындай хабарлар ҳәм аккаунтларға Өзбекстан Республикасы Орайлық банкиниң ҳеш қандай байланысы жоқ екенлигин мәлим етеди», делинеди хабарда.

Ш.Маматуропова,

ӨзА