Жаңа нызам жойбары додаланды

Мәмлекетимизде пуқаралық жәмийетин раўажландырыў, соның ишинде, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң жумысын қоллап-қуўатлаў, олардың нәтийжели жумыс жүргизиўи ушын қолайлы шараятлар жаратыў, мәмлекетлик ҳәм жәмийет басқарыўдағы ролин арттырыў, сондай-ақ, жәмийетлик қадағалаў ҳәм социаллық шериклик институтларын жетилистириў бойынша бир қатар жумыслар әмелге асырылды.
Бул бағдарда турақлы даўам етип атырған реформаларды жаңа басқышқа алып шығыў, социаллық-экономикалық тараўда жәмийетшилик қадағалаўды күшейтиў, нызамшылық ҳүжжетлеринде белгиленген мәмлекетлик емес, коммерциялық емес шөлкемлердиң жумыс еркинлиги кепиликлерин беккемлеў, олардың ҳуқық ҳәм нызамлы мәплерин жүзеге шығарыў ушын нызамшылығымызды және жетилистириўди талап етпекте.
Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигинде Өзбекстан мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлери миллий ассоциацияси Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими тәрепинен Өзбекстан Республикасының айырым нызамларына өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққындағы Өзбекстан Республикасының нызамын кең жәмийетшилик қатнасыўында додалаўға бағышланған илаж болып өтти.
Илажға жергиликли ҳәкимлик ўәкиллери, министрлик ҳәм басқармалар, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер, өзин-өзи басқарыў уйымларының ўәкиллери ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери қатнасты.
Өткерилген илажда мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер жумысының еркинликликлерин беккемлеў, жәмийетлик қадағалаўдың тәсиршеңлигин арттырыўға қаратылған нызам жойбары бойынша Қарақалпақстан Республикасы Әдилик министрлигиниң сектор баслығы А. Отарбаев, Өзбекстан мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлери миллий ассоциацияси Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими қәнигеси Р. Қудияровлар тәрепинен кеңнен түсиниклер берилди.

Илажда қатнасыўшылар тәрепинен өзлерин қызықтырған мәселелер бойынша сораўлар берилип, оларға жуўаплар алды. Сондай-ақ, илаж жуўмағында Ассоциация ағзалығына жаңадан қабылланған мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң ўәкиллерине арнаўлы гүўалықлар тапсырылды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы