Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалында «Биз бир шаңарақпыз!», «Жаңа Өзбекстан-миллетлер дослығы ҳәм миллий мәденият ошағы!» сүрени астында миллетлер аралық татыўлық, дослық ҳәм диний кеңпейилликти беккемлеўге бағышланған фестиваль болып өтти.

Илажға филиал басшылары, профессор-оқытыўшылары ҳәм студент-жаслары қатнасты.

Фестивальды филиал директоры, профессор Байрамбай Еримбетов Президентимиздиң басшылығында елимизде халықлар арасындағы дослықты беккемлеў, миллетлер аралық татыўлық ҳәм диний кеңпейилликти тәмийинлеў бойынша алып барылып мәмлекетлик сиясат ҳаққында кең түрде айтып өтип, бул бағдардағы жумысларды республикамыз турмысы тийкарында түсиндирип өтти.

Фестиваль шеңберинде Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалы ҳәм Өзбекстан мәмлекетлик консерваториясы Нөкис филиалы студентлери елимизде жасаўшы түрли миллет ўәкиллериниң миллий кийимлеринде сол халықлардың косықларын ҳәм аяқ ойынларын атқарып, кешениң мазмунлы өтиўине өзлериниң үлеслерин қосты.






Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы