Өзбекстан ҳәм Қазақстан Президентлери әмелий бирге ислесиўдиң әҳмийетли мәселелерин көрип шықты

656

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 18-март күни Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев пенен телефон арқалы сөйлести.

Мәмлекет басшылары мүбәрек Рамазан айы ҳәм жақынласып киятырған бәҳәр әййямы – Наўрыз мүнәсибети менен бир-бирин қызғын қутлықлап, дос Өзбекстан ҳәм Қазақстан халықларына тынышлық, абаданлық ҳәм раўажланыў тиледи.

Өзбекстан- Қазақстан стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын буннан былай да раўажландырыў ҳәм беккемлеўдиң әҳмийетли мәселелери ҳәр тәреплеме додаланды.

Саўданы көбейтиў, санаат кооперациясы, транспорт, энергетика, аўыл хожалығы ҳәм басқа да тараўларда, соның ишинде, аймақлар дәрежесинде әмелий бирге ислесиў бойынша жойбарларды алға қойыў мақсетинде өз-ара муўапықласқан илажлар көриў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Ҳәзирги күнлерде Қазақстан қалаларында өтип атырған биргеликтеги мәдений-гуманитарлық илажларға жоқары баҳа берилди.

Жетекшилер болажақ жоқары дәрежедеги еки ҳәм көп тәреплеме илажлар режесин, соның ишинде, “Орайлық Азия плюс” форматындағы саммитлерге таярлықты көрип шықты.

ӨзА