Жас гандболшыларымыз жарыста мүнәсип қатнасты

273

Косованың Приштина қаласында гандбол бойынша U-19 ҳәм U-21 жас категориялары бойынша халықаралық гандбол федерациясы кубоги болып өтти.

Бул жарыста Өзбекстан U-19 командасы ярым финалға шекем жетип келип, қола медалы ушын болған беллесиўде АҚШ U-19 сайланды командасына 36:38 есабында жеңилип қалды.

Ал, Өзбекстан U-21 сайланды командасы финалға шекем жетип келип, алтын медаль ушын болған ушырасыўда АҚШ U-21 сайланды командасы менен өз-ара ушырасты.

Оғада кескин өткен ойын жуўмағы, тилекке қарсы АҚШлы жаслардың  33:32 есабындағы жеңиси менен жуўмақланды.

Қуўанышлы тәрепи сонда, бул жарыста Өзбекстан сайланды командасы қурамында қарақалпақстанлы Баймурат Рейпназаров ҳәм Рахат Жолдасбаевлар да қатнасып, команданың сыйлы орын ийелеўине өзлериниң салмақлы үлеслерин қосты.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы