Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының бесинши жалпы мәжилиси ҳаққында МӘЛИМЛЕМЕ

237

17-март күни Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының бесинши жалпы мәжилиси өз жумысын баслады.

Онда Сенат, ҳүкимет ағзалары, министрликлер ҳәм уйымлардың ўәкиллери, жергиликли Кеңеслердиң депутатлары, Сенат жанындағы Жаслар парламентиниң ағзалары ҳәм ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнасты.

Видеоконференцбайланыс тәризинде өткерилген жалпы мәжилисти Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Танзила Норбоева алып барды.

Жалпы мәжилис Сенаттың YouTube тармағындағы бети арқалы тиккелей сәўлелендирилип барылды.

Сенаттың бесинши жалпы мәжилисиниң биринши күнинде дәслеп Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев тәрепинен Коррупцияға қарсы гүресиў миллий кеңеси мәжилисинде белгилеп берилген тийкарғы бағдарлардан келип шығып, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ҳәм халық депутатлары жергиликли Кеңеслери алдында турған ўазыйпалар көрип шығылды.

Соңғы жыллары тараўдың нормативлик-ҳуқықый тийкарлары қәлиплестирилгени, институционаллық өзгерислер әмелге асырылғаны, коррупцияның алдын алыўға қаратылған бир қатар әмелий илажлар көрилгенлиги атап өтилди.

Тараўға байланыслы 10 ға шамалас нызам қабыл етилди. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 10 пәрман ҳәм қарары, ҳүкиметтиң 2 қарары ҳәм 20 дан аслам уйымлық ҳүжжет ҳәм 2 мәмлекетлик бағдарлама тастыйықланды.

Атап айтқанда, мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарларын белгилеп беретуғын “Коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққында”ғы нызам қабыл етилди.

“Мәмлекетлик пуқаралық хызмети ҳаққында”ғы нызам менен мәмлекетлик пуқаралық хызмети реформаланып, мәмлекетлик хызметте коррупцияның алдын алыўға қаратылған механизмлер енгизилди.

Сондай-ақ, “Нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң ҳәм олардың жойбарларының коррупцияға қарсы экспертизасы ҳаққында”ғы нызам қабыл етилип, нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер ҳәм олардың жойбарларын коррупцияға қарсы экспертизадан өткериў системасы жаратылды.

Коррупцияға қарсы гүресиў миллий кеңеси ҳәм оның аймақлық кеңеслери шөлкемлестирилди.

Миллий кеңес қурамынан мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң басшылары, пуқаралық жәмийети институтлары ўәкиллериниң орын алыўы арқалы барлық мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес шөлкемлердиң тараўдағы жумысын муўапықластырыў имканияты жаратылды.

Коррупцияның алдын алыў ҳәм оған қарсы гүресиў тараўында мәмлекетлик сиясатты қәлиплестириў ҳәм әмелге асырыў ушын жуўапкер болған арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйым – Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги дүзилди.

Коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққындағы ҳәр жылғы Миллий баянат таярлаў ҳәм оны Олий Мажлис палаталарына киргизиў әмелияты жолға қойылып, бул процесс Конституциямызда да өз көринисин тапты.

Буннан тысқары, 117 мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер, соның ишинде, банклерде коррупцияға қарсы ишки қадағалаў (комплаенс-қадағалаў) структураларының жумысы жолға қойылды.

Соның менен бирге, бул тараўда бир қатар кемшиликлердиң де бар екенлиги атап өтилди.

Қурылысқа руқсат бериў, имаратты тапсырыўда өрт қәўипсизлиги бойынша бюрократлық ҳәм нызам бузылыў жағдайлары, ҳуқық қорғаў уйымлары тийкарынан коррупцияны анықлаў ҳәм жазалаў менен шуғылланып, коррупциялық факторлардың алдын алыўға, превентив илажларды көриўге итибар қаратылмағаны усылардың қатарына киреди.

Сондай-ақ, коррупцияға қарсы гүресиў ҳәм оның алдын алыўда мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердеги коррупцияға қарсы ишки қадағалаў (комплаенс қадағалаў) бөлимлериниң орны ҳәм жуўапкершилиги сезилмей атыр.

Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги тәрепинен тараўға байланыслы сырт мәмлекетлердиң тәжирийбеси үйренилмеген, тараўды раўажландырыў бойынша усыныслар ислеп шығылмаған.

Денсаўлықты сақлаў, бәнтлик, банк тараўларында коррупция жағдайлары жоқары. Денсаўлықты сақлаў тараўында – 527, бәнтлик бойынша – 447, банклерде – 434 коррупция жағдайлары дизимге алынған.

Бюджеттен ең көп қаржы алатуғын министрликлердеги коррупциялық факторлар анықланбаған, үйренилмеген ҳәм талланбаған.

Районларда, мәҳәллелерде инфраструктураға жалғаныў, лицензия алыў, жеңиллетилген кредит ажыратыў, жумысқа қабыл етиў, маманлығын арттырыў сыяқлы турмыслық коррупция жағдайлары көбейген.

Тергеўши, прокурор ҳәм судьялар қолындағы ис бойынша тек ғана уйымларға усыныснама ҳәм жеке ажырым киргизиў менен шекленбекте. Коррупцияға қарсы гүресиў аймақлық кеңеслериниң жумысы талапқа жуўап бермейди, олар мәҳәллелер менен өз-ара бирге ислеспеген.

Мәмлекетлик хызметлер бойынша мәмлекетлик уйымлар ҳәм халық арасындағы қатнасықларды баҳалайтуғын система жолға қойылмаған. Прокурор, ишки ислер ҳәм салық уйымлары басшыларының коррупцияның алдын алыў бағдарындағы жумысы талапқа жуўап бермейди.

Сенаторлар Президент тәрепинен атап өтилген жоқарыдағы кемшиликлерди сапластырыў бойынша мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте төмендеги мәселелерге айрықша итибар қаратыў зәрүрлигин атап өтти.

Атап айтқанда, коррупцияға қарсы гүресиўдиң нызамшылық тийкарларын жетилистириў, жынаятшылықтың алдын алыў бойынша аймақлардағы жумыслардың нәтийжелилигин арттырыў, соның ишинде, орынларда турмыслық коррупцияны сапластырыў, жынаят ислеген шахслар менен индивидуал ислесиў системасын жолға қойыў, халықтың ҳуқықый санасы ҳәм ҳуқықый мәдениятын арттырыў, коррупцияға маўасасыз қатнасты қәлиплестириўге байланыслы кең көлемли илажларды әмелге асырыў ҳәм Коррупцияға қарсы гүресиў бойынша аймақлық кеңеслердиң жумысын түп-тийкарынан жақсылаў зәрүр.

Додалаў жуўмағында жынаятшылыққа қарсы гүресиў ҳәм коррупцияның алдын алыў бағдарында әмелге асырылатуғын тийкарғы ўазыйпалар бойынша Сенаттың қарары қабыл етилди.

Жалпы мәжилисте “Өзбекстан Республикасының Суў кодексин тастыйықлаў ҳаққында”ғы нызам додаланды.

Елимизде суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў, суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиў, суўғарылатуғын жерлердиң мелиоративлик жағдайын жақсылаў бойынша системалы илажлар әмелге асырылмақта.

Тараўда алып барылып атырған реформалар нәтийжесинде өткен әсирдиң 90-жылларына салыстырғанда суўдың жумсалыўы жылына 64 миллиард метр кубтан ҳәзирги күнде орташа 51 миллиард метр кубқа шекем азайған.

Бирақ избе-из реформалар ҳәм жүз берген түпкиликли өзгерислер, жаңа раўажланыў стратегиясын қәлиплестириў ҳәм суў қатнасықларының социаллық-экономикалық тийкарларының өзгериўи суўға байланыслы нызамшылықты қайта көрип шығыў зәрүрлигин жүзеге келтирмекте.

Атап өтилгениндей, нызам менен тастыйықланып атырған Суў кодексинде суў қатнасықлары тараўындағы тийкарғы ҳуқықый ҳүжжетлер системаластырылған.

Соның ишинде, суўға байланыслы қатнасықларды тәртипке салыў тараўында Министрлер Кабинети, министрликлер ҳәм уйымлар, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының ўәкилликлери, ўазыйпалары менен функцияларына анықлық киргизилмекте.

Сондай-ақ, суў хожалығында мәмлекетлик-жеке меншик шериклик механизмлерин енгизиў шәртлери, суў алыў тәртибин бузғанлығы ушын жуўапкершилик мәселелери, суўға байланыслы қатнасықларда халықаралық бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарлары белгилеп берилмекте.

Суў кодексиниң қабыл етилиўи суўдан ақылға уғрас пайдаланыў, суў ресурсларын нәтийжели басқарыў ҳәм қорғаўды тәмийинлейди. Тараў бойынша мәмлекетлик уйымлардың бир-бирин қайталайтуғын ўәкилликлери менен байланыслы мәселелер шешиледи. Суў жеткерип бериўшилер ҳәм тутыныўшылардың жуўапкершилиги артады.

Сондай-ақ, нызам мәмлекеттиң суў қәўипсизлигине ерисиўине хызмет етеди. Онда суў тамтарыслығы күшейип баратырған дәўирде барлық экономика тармақлары ҳәм қоршаған орталықтың суўға болған талабын қанаатландырыў, суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў, суў инфраструктурасы ҳәм суўғарылатуғын жерлердиң жағдайын жақсылаў сыяқлы мәселелер қамтып алынған.

Буннан тысқары, суў хожалығын узақ мүддетли раўажландырыўдың ҳуқықый тийкарлары жаратылып, суў ресурсларынан пайдаланыў нәтийжелилигин арттырыў, тараўға инвестицияларды тартыў ҳәм технологиялық модернизациялаў хошаметленеди.

Соның менен бирге, нызам халықаралық суў ҳуқықы нормаларын миллий суў нызамшылығына сиңдириў ҳәм Өзбекстанның халықаралық майдандағы унамлы имиджин жақсылаўға хызмет етеди.

Додалаў жуўмағында нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Буннан соң Сенаттың гезектеги жалпы мәжилисинде “Аўыл хожалығы қәўип-қәтерлерин қамсызландырыў ҳаққында”ғы нызам додаланды.

Кейинги жылларда бул тармақта экономикалық өсиў, азық-аўқат қәўипсизлиги ҳәм экспорт потенциалын арттырыўда үлкен әҳмийетке ийе.

Соның менен бир қатарда аўыл хожалығы экономиканың ең тәўекелши тараўларынан бири болып, климат өзгериўи, тәбийғый апатшылықлар, зыянкеслер, базар коньюнктурасындағы өзгерислер ҳәм басқа да қәўип-қәтерлер өним жетистириўшилер ушын үлкен қаржылай шығынларға алып келиўи мүмкин.

Таллаўлар аграр системаның өндирислик үзликсизлиги ҳәм қаржылай турақлылығын тәмийинлеўде қәўип-қәтерлерди басқарыўдың ең нәтийжели усылы қамсызландырыў екенлигин көрсетпекте.

Аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўшилер зүрәәтине зыян жеткериўши (тәбийғый апатшылықлар ақыбети) ҳәм набыт етиўши (күшли жаўын, буршақ, суў тасқыны, боран ямаса зыянкеслер) факторлар себепли аўыр экономикалық зыян көрмекте.

Тараўда тийкарынан кредитти қайтармаў қәўипин қамсызландырыў әмелияты кеңнен пайдаланылып атырған болса да, бундай қамсызландырыў тек ғана жеңиллетилген кредитлердиң қайтарылыўына хызмет етип, жетистирилетуғын өним қамсызландырыўсыз қалып кетпекте.

Бул нызамда аўыл хожалығы тәўекелшиликлерин қамсызландырыўға байланыслы барлық мәселелер ҳәм тиккелей әмел етиўши нормалар қамтып алынған.

Соның ишинде, ислеп шығарыўшыларды түрли тәўекелшиликлерден қорғаў ҳәм турақлы дәрамат алыўды кепиллеў ушын Аўыл хожалығы қамсызландырыў қорын шөлкемлестириў нәзерде тутылмақта.

Сондай-ақ, тараўдың қамсызландырыўдағы шығынларын баҳалаў, қамсызландырыў ҳәдийселери бойынша жеткерилген зыян муғдарын анықлаў бийғәрез экспертлер тәрепинен әмелге асырылатуғыны белгиленбекте.

Аўыл хожалығы тәўекелшиликлерин қамсызландырыўда мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў механизми жаратылмақта.

Атап айтқанда, қамсызландырыў сыйлығының 50 проценти мәмлекет тәрепинен қаплап берилиўи, қамсызландырылған тәбийғый апатшылықлар ҳәм басқа да қәўип-қәтерлерден көретуғын зыянларды қаплаў ушын Аўыл хожалығын қамсызландырыў қорының қаржылары жетерли болмаған жағдайда оның қалған бөлеги республикалық бюджет қаржылары есабынан қапланыўы нәзерде тутылмақта.

Қамсызландырыў процесинде қатнасыўшы субъектлердиң ҳуқық ҳәм миннетлемелери белгиленбекте.

Атап өтилгениндей, нызамның қабыл етилиўи аўыл хожалығы ислеп шығарыўшыларының қәўип-қәтерлер себепли жеткерилген зыянларының орнын қаплаўда ҳуқықый тийкар болады. Буннан тысқары, Аўыл хожалығы қамсызландырыўының мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатланыўы жолға қойылады. Тәўекелшиликлерди қамсызландырыўда қамсызландырыў қатнасықларын тәртипке салыў ҳәм қадағалаўдың бирден-бир системасы жаратылады. Усы тәризде ислеп шығарыўшылардың экономикалық турақлылығы тәмийинленип, ҳәр қыйлы қәўип-қәтерлердиң қаржылай тәсирин азайтыў имканияты пайда болады ҳәм инвестициялық тартымлылық артып, мәмлекеттиң азық-аўқат қәўипсизлиги беккемленеди.

Додалаў жуўмағында нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Сенаттың бесинши жалпы мәжилисинде “Кредиторлардың гиреў менен тәмийинленген талапларын қанаатландырыў системасының және де жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында”ғы нызам көрип шығылды.

Бул нызам менен кредиторлардың гиреўдеги мүлкке болған ҳуқықларының үстинлигин тәмийинлеў ҳәм гиреўдеги мүлк есабынан кредит қарыздарлығын өндириў процесслерин әпиўайыластырыў нәзерде тутылмақта.

Атап айтқанда, гиреўге қойылған мүлк ийеси жынаят ямаса басқа да ҳуқықбузарлық ислегени ушын оннан мүлки алып қойылса, банклерге өз талапларын усы мүлк есабынан үстин тәризде қанаатландырыў ҳуқықы берилмекте.

Буннан тысқары, гиреўдеги мүлкти базар баҳасында саўдаға шығарыў ҳәм қайтарылмаған қарыздарлық суммасы гиреў баҳасының 15 процентинен аз болғанда, өндириўди мүлкке қаратпаў белгиленбекте.

Нызамда өндириў гиреўге қойылған мүлкке қаратылғанда бул мүлктиң аукцион саўдасындағы басланғыш сатыў баҳасы суд қарары менен белгиленетуғыны нәзерде тутылмақта.

Нызамға бола гиреўдеги мүлк қарызды өндириў ҳаққындағы орынлаў ҳүжжетлери бойынша сатылмаған жағдайда, мәмлекетлик орынлаўшы тәрепинен өндириўшиге (банк ямаса басқа да қарыз бериўши шөлкем) мүлкти қайта аукцион саўдалары ямаса саўда шөлкемлери тәрепинен қайта реализациялаў ўақтындағы басланғыш сатыў баҳасынан 25 процент аз муғдарда өзинде қалдырыў усынысын билдириў тәртиби белгиленбекте.

Нызамның қабыл етилиўи кредиторлардың гиреўге қойылған мүлкке болған ҳуқықларының үстинлигин тәмийинлеў, гиреў предметин судтан тысқары тәртипте реализациялаў системасын жетилистириў, миннетлемелерди гиреўге қойылған мүлк есабынан өндириў процесслерин әпиўайыластырыў ҳәм кредит шөлкемлериниң кредит портфелиндеги машқалалы активлердиң үлесин азайтыўға хызмет етеди.

Додалаўдан соң нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Сондай-ақ, жалпы мәжилисте “Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине зергерлик санаатын буннан былай да раўажландырыўға қаратылған өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында”ғы нызам көрип шығылды.

Мәмлекетимизде зергерлик санаатын қоллап-қуўатлаў, ислеп шығарылып атырған зергерлик буйымларының ишки ҳәм сыртқы базарларда бәсекиге шыдамлылығын тәмийинлеў, сондай-ақ, зергерлик тараўын жергиликли санааттың тийкарғы драйверлеринен бирине айландырыў бағдарында исленген жумыслар нәтийжесинде бул тараўдағы кәрханалардың саны 3 есеге артып, 627 ге жетти. Ҳәзирги ўақытта олардағы жумысшы хызметкерлердиң саны 3 000 ға шамалас.

Елимизде зергерлик өнимлерин ислеп шығарыў ҳәм экспорт көлемин арттырыў ушын үлкен потенциал бар екенлигин атап өтиў керек. Буны өткен ўақыт даўамындағы нәтийжелер арқалы да көриўимиз мүмкин.

Соның ишинде, 2024-жылы зергерлик тараўында өндирис көлеми 2,5 триллион сумды қурап, 2023-жылға салыстырғанда 15 процентке өскен. Өнимлердиң экспорты болса 20 процентке артқан.

Бирақ зергерлик буйымларын ислеп шығарыўшылардың қымбат баҳалы металларға болған талабын қанаатландырыў, олардың раўажланыўы ушын қолайлы бизнес орталығын жаратыў ҳәм нызамшылықтағы бюрократлық тосқынлықларды сапластырыў зәрүрлиги жүзеге келмекте.

Зергерлик тараўында баҳалы металлар ҳәм таслар, олардан таярланған зергерлик буйымларының нызамсыз айланысының бар екенлиги, исбилерменлик субектлерине мүлк ҳәм жер салығы бойынша жеңилликлердиң жетерли емеслиги ҳәм және бир қатар машқалалар тараўдағы потенциалдан толық пайдаланыў имканиятын бермей атыр.

Усы факторлар есапқа алынған ҳалда нызам менен Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске ҳәм Салық кодексине, “Лицензиялаў, руқсат бериў ҳәм хабардар етиў тәртип-қағыйдалары ҳаққында”ғы ҳәм “Баҳалы металлар ҳәм баҳалы таслар ҳаққында”ғы нызамларға тийисли өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте.

Атап айтқанда, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексте баҳалы металлар ҳәм баҳалы таслардың айланысы  тараўындағы ҳуқықбузарлықлар ушын жәрийма муғдарлары кескин арттырылмақта.

Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексте баҳалы металлар ҳәм таслардан таярланған зергерлик буйымларының нызамсыз айланысын азайтыў, сондай-ақ, қәлбеки, тийкарланған дәрежесине муўапық болмаған зергерлик буйымларын сатыўды сапластырыў мақсетинде усы тараўдағы ҳуқықбузарлықты ислегенлик ушын базалық есаплаў муғдарының отыз есесинен елиў есесине шекемги жәриймалар нәзерде тутылмақта.

Салық кодексине киргизилип атырған өзгерислерге тийкарланып “Өзбекзергерсанааты” ассоциациясының ағзалары болған зергерлик буйымларын ислеп шығарыўшы жеке тәртиптеги исбилерменлерге 2027-жыл 1-сентябрьге шекем салық жеңилликлери қолланылмақта.

Әне, усы мүддетке шекем бул исбилерменлерге өндиристе пайдаланылатуғын жер участкалары ҳәм көшпес мүлк обектлери мүлк салығы ҳәм жер салығын төлеўден азат етилиўи нәзерде тутылмақта.

Бул нызамның қабыл етилиўи зергерлик буйымларын ислеп шығарыўшыларды шийки зат пенен тәмийинлеўди жақсылаўға, олардың экспорт потенциалын арттырыўға, тараў кәрханаларының өндирислик қуўатлылықлардан нәтийжели пайдаланыўын тәмийинлеўге, сондай-ақ, халықтың сапалы зергерлик өнимлерине болған талабын қанаатландырыўға және республикалық бюджетке сырт ел валютасы ҳәм салық түсимлериниң көбейиўине хызмет етеди.

Додалаў жуўмағында нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Соның менен бирге, “Жаңа редакциядағы Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгенлиги мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине судлар жумысының ҳәм пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлериниң кепилликлерин күшейтиўге қаратылған өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында”ғы нызам сенаторлар тәрепинен додаланды.

Кейинги жылларда мәмлекетимизде ҳуқықый системаны түп-тийкарынан жетилистириў ҳәм суд ҳәкимиятының еркинлигин тәмийинлеўге қаратылған кең көлемли ҳәм үлкен әҳмийетке ийе болған реформалар әмелге асырылды.

Бул реформалар суд жумысларын жетилистириў, суд қарарларының ашық-айдынлығын ҳәм қалыслығын арттырыў, сондай-ақ, пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаў кепилликлерин күшейтиў сыяқлы кең көлемли бағдарларды қамтып алады.

Додаланған нызам да әне усы системалы реформалардың логикалық даўамы болып есапланады.

Соның ишинде, Өзбекстан Республикасының Жынаят-процессуаллық кодекси ҳәм “Судлар ҳаққында”ғы нызамға гүман етилиўши, айыпланыўшы ямаса судланыўшы өзиниң айыпсызлығын дәлиллеў шәрт емес екенлиги ҳәм қәлеген ўақытта үндемеў ҳуқықынан пайдаланыўы мүмкин екенлиги белгиленбекте.

Соның менен бирге, шахстың өз айыбын тән алғанлығы оған қарсы бирден-бир дәлил болса, ол айыплы деп табылыўы ямаса жазаға тартылыўы мүмкин емес екенлиги нәзерде тутылмақта. Суд процесинде қатнасып атырған гүўа өзине ҳәм жақын туўысқанларына қарсы көрсетпе бериў ҳуқықы енгизилмекте.

Нызам менен судьяны белгили бир исти додалаўдан шетлетиўге ямаса оның ўәкилликлерин тоқтатып турыўға, басқа лаўазымға өткериўге тек ғана нызамда белгиленген тәртипте ҳәм тийкарларға бола жол қойылатуғыны енгизилмекте. Сондай-ақ, судьяның ўәкиллигине ҳәм әдил судлаўды әмелге асырыўға байланыслы жумысына ҳәр қандай тәризде араласыўға жол қойылмайтуғыны ҳәм олардың есап бермейтуғыны белгиленбекте.

Жоқарғы судтың нызамшылық басламасы ҳуқықын әмелге асырыў шеңбери айқынластырылып, тек ғана өз ўәкилликлери шеңберинде мәселелер киргизетуғыны көрсетилмекте.

Бул нызам пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлерин исенимли қорғаўды тәмийинлеў, әдил судлаўдың сапасын буннан былай да арттырыўға қаратылғаны менен әҳмийетли болып есапланады.

Нызамның қабыл етилиўи әдил судлаўды әмелге асырыўда судьялар тәрепинен Конституция нормаларын тиккелей қолланыў ҳәм Конституциялық үстинликти қәлиплестириў бойынша зәрүр ҳуқықый кепилликлер жаратылыўы, шахстың ҳуқықлары менен еркинликлериниң суд арқалы қорғалыўын буннан былай да беккемлеўге хызмет етеди.

Додалаў жуўмағында нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Буннан кейин жалпы мәжилисте “Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине жолларда ҳәрекетлениў қәўипсизлигин тәмийинлеўге ҳәм жәмийетлик транспорттан пайдаланыў нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында”ғы нызам көрип шығылды.

Мәмлекетимизде тығылыслық машқаласы халық ушын, әсиресе, пайтахтымызда ең әҳмийетли машқалаға айланбақта. Соңғы 2-3 жылда Ташкент қаласында 7-9 баллық тығылыслар ҳәр күни бақланып атырған болса, айырым ўақытлары бул жағдай 10 баллға шекем көтерилмекте. Бул болса жолларда ашыўшақлық ҳәм келиспеўшилик жағдайларына, жолаўшы ҳәм айдаўшылардың саатлап ўақыт жумсаўына себеп болмақта.

Сол себепли жолларда тығылысты азайтыў ҳәм халыққа қолайлықлар жаратыў мақсетинде жәмийетлик транспортқа үстинлик бериў бағдарында әмелий илажлар көрилмекте.

Атап айтқанда, Ташкент қаласында автобуслар саны соңғы 2 жылда 2 есеге артты. Олар ушын өз алдына жоллардың шөлкемлестирилиўи нәтийжесинде автобуслардың қатнаўдағы аралық интервалы 2 есеге қысқарды. Жолаўшылар саны 2 есеге өсип, күнлик пайдаланыўшылар саны 1 миллион жолаўшыға жетти.

Бирақ нызамшылықтағы бослықлар жәмийетлик транспорттан пайдаланыў нәтийжелилигиниң сезилерли төменлеўи, қатнаўдың турақлылығы ҳәм жәмийетлик транспорттың еркин ҳәрекетлениўине унамсыз тәсир көрсетпекте.

Қалалық автомобиль жолларында жәмийетлик транспорт ушын өз алдына жоллар ажыратылып, басқа транспорт қуралларының ҳәрекети қадаған етилген болса да, олардың усы жолларда ҳәрекетлениўи даўам етпекте.

Әмелдеги нызамшылықта жәмийетлик транспорт ушын өз алдына ажыратылған жолларда ҳәрекетленген транспорт қуралларының айдаўшылары ушын жуўапкершилик илажлары нәзерде тутылмаған.

Соның менен бирге, айдаўшылардың транспорт қуралларын велосипед жоллары, тротуарлар ҳәм жасыл аймақ майданларында басқарыўы көплеп бақланбақта ҳәм бул аймақларда ҳәрекет қатнасыўшыларының қәўипсизлигин исенимли тәмийинлеўге унамсыз тәсир көрсетпекте.

Жолларда ҳәрекетлениў қәўипсизлигин тәмийинлеўге унамсыз тәсир көрсетиўши факторлардан және бири жасалма тосқынлықлар орнатыў, жолды тосып қойыў жағдайлары болып есапланады.

Пуқаралар өзи жасаўтуғын аймақлардағы көшелерде нызамсыз түрде жасалма тосқынлықлар орнатыўы, жолды тосып қойыў арқалы ҳәрекетти шеклеген ҳалда халыққа қыстаўлы хызмет көрсетиўши ҳәм арнаўлы транспорт қуралларының ҳәрекетине тосқынлық етпекте.

Бул бағдардағы машқалаларды шешиў мақсетинде ислеп шығылған бул нызам менен Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске жаңа 1287-статья киргизилип, жәмийетлик транспорт ушын айрықша ажыратылған жолларда ҳәрекетлениў қағыйдаларын бузғаны ушын жуўапкершилик белгиленбекте.

Соның ишинде, жөнелисли транспорт қураллары ушын өз алдына ажыратылған тасмасы бар жолдан транспорт қуралларының ҳәрекетлениўи – базалық есаплаў муғдарының бир есеси муғдарында, тап усындай ҳуқықбузарлықты ҳәкимшилик жаза қолланылғаннан кейин бир жыл даўамында қайтадан ислесе – базалық есаплаў муғдарының үш есеси муғдарында жәрийма салыўға себеп болатуғыны белгиленбекте.

Соның менен бирге, нызам менен Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 128-статьясының атамасы ҳәм биринши бөлиминиң диспозициясы жаңа редакцияда берилмекте.

Ендигиден былай айдаўшылардың транспорт қуралларын тротуарлардан, пиядалар ҳәм велосипед жолларынан, жасыл майданлардан ҳәрекетлендиргени, жол белгилери ҳәм жол ҳәрекетиниң басқа да қағыйдалары талапларына әмел етпегени ушын жуўапкершилик белгиленбекте.

Сенаторлардың атап өткениндей, нызамның қабыл етилиўи жол ҳәрекети қәўипсизлигин тәмийинлеўге, жол-транспорт ҳәдийселериниң алдын алыўға, жолларда жәмийетлик транспорттың ҳәрекетлениўи ушын қосымша қолайлықлар жаратылыўына хызмет етеди.

Додалаўдан соң нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Сенаттың жалпы мәжилисинде “Жынаят исин жүргизиў ўақтында қамақта сақлаў ҳаққында”ғы Өзбекстан Республикасы Нызамына қамаққа алынғанларға қыйнаў жағдайларының алдын алыўға қаратылған қосымша киргизиў ҳаққында”ғы нызам көрип шығылды.

Мәжилисте соңғы жыллары елимизде пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлериниң кепилликлерин буннан былай да күшейтиў, соның ишинде, қыйнаўға салыў ҳәм басқа да аяўсыз, адамгершиликке жат яки қәдир-қымбатын кемситетуғын қатнас және жаза түрлерин қолланыў жағдайларына пүткиллей жол қоймаў мақсетинде кең көлемли жумыслар әмелге асырылып атырғаны атап өтилди.

Сондай-ақ, ҳеш ким қыйнаўға салыныўы, зорлыққа, басқа да аяўсыз, адамгершиликке жат яки инсанның қәдир-қымбатын кемситетуғын қатнасқа яки жазаға ушыраўы мүмкин емес екенлиги атап өтилди.

Додаланған бул нызам да усы реформалардың логикалық даўамы болып, онда қамаққа алынғанлар тергеў қамақханасына жайластырылыўынан алдын сол жердиң өзинде мәжбүрий медициналық тексериўден өткерилиўи нәзерде тутылмақта.

Бул нызамның қабыл етилиўи инсанның абырайы ҳәм қәдир-қымбатына қол қатылмаслығы кепилликлериниң және де беккемлениўине, мәмлекетимиздиң инсан ҳуқықларын тәмийинлеў бойынша халықаралық жәмийетшилик алдындағы абырайының артыўына хызмет етеди.

Нызамның турмысқа енгизилиўи пуқаралардың әдил судлаўға ерисиў дәрежесин буннан былай да арттырыўды, олардың бузылған ҳуқықлары менен еркинликлери, сондай-ақ, нызамлы мәплериниң исенимли қорғалыўын тәмийинлейди.

Додалаў жуўмағында нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Буннан кейин “Нызам жойбарларын Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасына киргизиў ҳәм көрип шығыў тәртибиниң жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында”ғы нызам додаланды.

Нызам дөретиўшилиги жумысының сапасы жаңа нызамлардың мәмлекетимиз Бас нызамына, миллий нызамшылыққа, халықаралық ҳуқықтың улыўма тән алынған принциплери ҳәм нормаларына, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасының халықаралық миннетлемелерине муўапықлығын тәмийинлейтуғын тәртип-қағыйдалар ҳәм механизмлердиң нәтийжелилигине көп тәреплеме байланыслы.

Әсиресе, нызам жойбарларын ислеп шығыў ҳәм қабыл етиўде халық ҳәм кең жәмийетшилик билдирген пикирлер менен позицияларды үйрениў және оларды есапқа алыў жәмийетлик ҳәм мәмлекетлик турмысқа байланыслы стратегиялық қарарлар қабыл етиўде оғада үлкен әҳмийетке ийе.

Бул бағдарда додалаўдағы нызам менен нызам жойбарын парламентке киргизиўде нызам жойбарының ҳәм халықаралық шәртнама жойбарының (текстиниң) өткерилген ҳуқықый экспертизасы нәтийжелерин, сондай-ақ, нызам жойбарының коррупцияға қарсы экспертизасы ҳәм ол бойынша өткерилген жәмийетлик додалаў нәтийжелерин усыныў мәселелери сәўлелендирилмекте.

 

Буннан тысқары, нызам жойбарын киргизген нызамшылық басламасы ҳуқықы субъекти өзи киргизген нызам жойбарын Нызамшылық палатасы тәрепинен екинши оқыўда қабыл етилгенге шекем шақырып алыўы ҳаққындағы норма беккемленбекте.

Сенаторлар бул нызамның турмысқа енгизилиўи нызамшылық басламасы ҳуқықына ийе болған субъектлердиң нызам дөретиўшилиги тараўындағы жумысының сапасын арттырыў, нызамлардың жәмийетлик қатнасықларды тәртипке салыўдағы ролин беккемлеў, халықшыл ҳәм тиккелей ислейтуғын нызамлар қабыл етилиўине хызмет ететуғынын атап өтти.

Додалаў жуўмағында нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Усының менен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының бесинши жалпы мәжилисиниң биринши жумыс күни жуўмақланды.

 

 

Өзбекстан Республикасы

Олий Мажлис Сенатының

Мәлимлеме хызмети