Халықтың дийқаншлық мәденияты артпақта

201

Елимизде 11-март сәнесинен баслап аймақларды абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў мақсетинде, «Әҳмийетли бир айлық» жәрияланған еди. Усы тийкарда бүгинги күни республикамыз бойлап кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

Шымбай районы «Тазғара» аўыл пуқаралар жыйынында пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм қосымша дәрамат алыўына жәрдем бериў бойынша «Қыйтақ жер мәденияты, қыйтақ жерден нәтийжели пайдаланыў ҳәм дәрамат табыў» атамасында семинар болып өтти.

Семинарға республикалық жумысшы топар ағзалары, район басшылары, мәҳәлле жетилиги, тоғай хожалығы  қәнигелери менен аймақ турғынлары қатнасты.

Илажда Қарақалпақстан Республикаси Жоқарғы Кеңесиниң Аппарат баслығы Ж. Идиятуллаев, «Ўзсаноатқурилишбанк» АКБ баслығы орынбасары Ш. Якупов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, жергиликли халық пенен тиккелей бирге ислесетуғын мәҳәлле жетилиги ағзаларына азғана жерден мол дәрамат табыў усыллары көрсетилди ҳәм пуқаралардың өзин-өзи бәнт етиўине жәрдем бериў, өз аймақларында жерден жоқары өним алып атырған қыйтақ жер ийелерин кеңнен үгит-нәсиятлаў кереклиги атап өтилди.

Өткерилген семинар даўамында «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңберинде ҳәр қыйлы терек нәллери егилип, Тағжап аўыл пуқаралар  жыйынындағы «Бийбайша» фермер хожалығына қараслы ыссыхана ҳәм Көкши қала мәкан пуқарлар жыйыны аймағындағы «Zаnтех» қоспа кәрханасында алып барылып атырған жумыслар менен жақыннан танысты.


 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы