Елши: Өзбекстанда Рамазан терең руўхый өзгешеликке ийе

Өзбекстан Республикасының Қатар Мәмлекетиндеги Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Ашраф Хўжаев «Ар-Рая» басылымына берген интервьюинде өзине тән өзгешеликке ийе мүбәрек Рамазан айы аўызбиршилик руўхы менен ажыралып туратуғынын атап өтти. Оның қосымша етиўинше, Рамазан жыйынлары социаллық татыўлық көриниси сыпатында гөззал үрп-әдетлеримиз менен үнлесип, жәмийетлер арасындағы қарым-қатнасты да күшейтеди. Сақаўат, миймандослық сыяқлы пазыйлетлер, ғалаба халықлық ифтарлық дастурханларының жайылыўы, ислам тилеклеслиги, өз-ара татыўлыққа тийкарланған қәдириятлар жәмленген илажлардың шөлкемлестирилиўи Қатар халқына да тән, әлбетте. Рамазан дәстүрлери ҳәм тағамлары бағдарындағы айырым өзгешеликлерге қарамастан, мәмлекетлеримиздиң мүбәрек айдағы социаллық ҳәм руўхый байланысларды беккемлеўге қаратылған ҳәрекетлери уқсас.

– Өзбекстанда терең руўхый тамырларға ийе Рамазан айы шаңарақлар, туўысқан-ағайин ҳәм жақынлардың жақсы нийет пенен ифтар дастурханы әтирапында топланыўы, мешитлерде тараба намазының оқылыўы, әҳмийетлиси, жәрдемге мүтәж инсанларға қайыр-сақаўат ислениўинде көринеди,-деди Елши. – Бул аўызбиршилик, мийрим-шәпәәт, дослық орталығы ҳүким сүретуғын ай.
М.Пирматова, ӨзА